Ташкент қаласында Өзбекистан Фермерлери кеңесиниң II конференциясы болып өтти. Видеоконференция түринде өткерилген илажда министрликлер менен ведомстволардың, жәмийетлик шөлкемлердиң жуўапкер адамлары, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасындағы ҳәм ўәлаятлардағы фермер хожалықларының басшылары, дийқан хожалықлары менен үй қапталы қыйтақ жер ийелериниң ўәкиллери қатнасты.

Бүгинги күнге шекем жер өзиниң ҳақыйқый ийесин таўып, фермерлик ҳәрекети елимиздиң раўажланыўында шешиўши күш болып қәлиплесип, атызда ислеп атырған ҳәр бир адамда өз мийнетинен миннетдаршылық сезими күшейип, келешекке исеними буннан былай да беккемленип атырғаны, тек ғана аўыл хожалығы емес, ал пүткил турмысымызды түп-тийкарынан өзгертпекте.

Басқа салалар сыяқлы аграр тармақтың да бүгинги жедел раўажланып атырған заман менен үйлеслигин тәмийинлеў, мийнеткеш дийқанларымыз, фермерлеримиз тәрепинен жетистирилип атырған өнимлердиң дүнья базарынан мүнәсип орын ийелеўине ерисиўге қаратылған илажлар избе-излик пенен әмелге асырылмақта. Бул бағдарда 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген пахта ҳәм масақлы дән егилетуғын жерлерди қысқартыў, босаған жерлерге картошка, овощ, азықлық ҳәм май алынатуғын егинлерди егиў, сондай-ақ, жаңа интенсив бағлар менен жүзимзарларды жайластырыў, көп тармақлы фермер хожалықларын хошаметлеў ҳәм раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, аўыл хожалығы өнимлерин терең қайта ислеўге қәнигелескен қайта ислеў кәрханаларын шөлкемлестириў, аўыл хожалығы өнимлерин сақлаў, тасыў ҳәм сатыў, агрохимия, қаржы ҳәм басқа да заманагөй базар хызметлерин көрсетиўдиң инфраструктурасын буннан былай да кеңейтиў сыяқлы ўазыйпалар үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Ҳәзирги ўақытта аўыл хожалығы өнимлериниң 99 проценттен асламы фермер ҳәм дийқан хожалықларында және үй қапталы қыйтақ жер майданларында жетистирилмекте. Соның менен бирге, шарўашылық, қусшылық, балықшылық, пал ҳәррешилик сыяқлы бағдарлар да жедел раўажланбақта. Елимиздиң барлық аймақларында дүньяның ең алдынғы технологиялары тийкарында сапалы ҳәм өтимли азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарып атырған көп тармақлы фермер хожалықларының саны барған сайын артып бармақта.

Мәмлекетимиз басшысының быйыл 21-июньдеги «Жергиликли экспорт етиўши шөлкемлерди буннан былай да қоллап-қуўатлаў ҳәм сыртқы экономикалық хызметти жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары өзбек дийқаны өз атызында жетистирген өнимин ишки ҳәм сыртқы базарларда емин-еркин сатыўы ушын ҳуқықый тийкар жаратты. Қарар менен 2017-жыл 1-июльден баслап барлық исбилерменлик субъектлерине таза мийўе-овощ, жүзим ҳәм палыз өнимлериниң төлемин алдын-ала 100 процент әмелге асырыў шәрти менен тиккелей шәртнамалар тийкарында экспорт етиў ҳуқықы берилди.

«Халық бай болса, мәмлекет те бай болады» принципинен келип шығып, халықтың үй қапталы қыйтақ жер хожалықларынан пайдаланыўын хошаметлеўге қаратылған итибар жерден өнимли пайдаланыўда жаңа имканиятлар жаратпақта. Усы мақсетте елимиздеги коммерциялық банклер тәрепинен халыққа жеңиллетилген кредитлердиң, бизнес-режелердиң берилип атырғаны, заманагөй агротехнологияларды пуқта өзлестирген, жер менен тиллесип жасайтуғын, ҳәр қыйлы зыянкеслер менен кеселликлердиң алдын алыўда шеберлик көрсетип атырған дийқанлар ҳәм фермерлердиң, агрономлар және қәнигелердиң адамлар менен пикирлесип атырғаны халықтың үй қапталы қыйтақ жерлерин шын мәнисиндеги ғәзийнелер кәнине айландырыўға хызмет етпекте.

Әнжуманда, сондай-ақ, аўыл хожалығының егислик жерлеринен нәтийжели пайдаланыў, алдынғы технологиялар менен илим жетискенликлеринен кеңнен пайдалана отырып, өним жетистириўдиң көлемин арттырыў, аўыллық жерлерде дийқаншылық ҳәм жерден пайдаланыў мәдениятын арттырыў бағдарындағы әҳмийетли ўазыйпалар додаланды.

Конференцияда Өзбекистан Фермерлери кеңесин Өзбекистан Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм үй қапталы қыйтақ жер ийелери кеңеси сыпатында қайта шөлкемлестириў ҳаққында қарар қабыл етилди. Қайта шөлкемлестирилген кеңес тек ғана фермерлердиң емес, ал дийқан хожалықлары менен үй қапталы қыйтақ жер ийелериниң мәплерин сәўлелендиретуғын шөлкемге айланды.

– Өзбекистан Фермерлери кеңесиниң Өзбекистан Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм үй қапталы қыйтақ жер ийелери кеңеси сыпатында қайта шөлкемлестирилиўи елимиздеги аўыл хожалығында мийнет етип атырғанларға, ол фермер, дийқан яки сала қәнигеси болсын, бирдей имканият жаратыўға, олардың арасында өз-ара бирге ислесиўди беккемлеўге хызмет етеди, – дейди Ташкент ўәлаяты Паркент районы «Бахыт» фермер хожалығыны баслығы, «Меҳнат шуҳрати» ордениниң ийеси Мавлонхўжа Ҳожиев. – Енди  дийқан хожалықлары менен үй қапталы қыйтақ жер ийелери де фермерлер сыяқлы минерал төгинлерди, жанылғы тәмийнатын, өз өнимлерин экспорт етиў ҳәм басқа да мәселелерде кеңестиң көмегинен пайдаланыўы мүмкин.

Конференцияда Баҳодир Юсупов Өзбекистан Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм үй қапталы қыйтақ жер ийелери кеңесиниң баслығы етип сайланды. Жаңадан шөлкемлестирилген Кеңестиң басшы уйымлары қәлиплестирилди.

Илажда Өзбекистан Республикасы Бас министри А.Арипов шығып сөйледи. Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи О.Муродов қатнасты.

Беҳзод БОЗОРОВ,

ӨзАның хабаршысы