2017-жылдың 22-сентябрь күни Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти.

Сиясий партиялар фракцияларының ўәкиллери нызам жойбарларын көрип шығыўдан бурын Өзбекистан Республикасы Президентиниң Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 72-сессиясындағы шығып сөйлеген сөзине өз көз-қарасларын билдирди. Мәмлекетимиз басшысының усы шығып сөйлеген сөзи шын мәнисиндеги тарийхый әҳмийетке ийе екени атап өтилди. Өзбекистанның регионаллық ҳәм халықаралық сиясаттың ең әҳмийетли бағдарларына байланыслы жоқары минберден билдирилген басламалары кең сиясий топарлар арасында қоллап-қуўатланды.

Сиясий партиялар фракцияларының ўәкиллери Өзбекистан Республикасы Президентиниң усы шығып сөйлеген сөзиниң, мәмлекетлик сиясаттың ең әҳмийетли бағдарларына байланыслы әмелий пикир-усыныслардың мазмун-мәнисин түсиндириў бойынша сайлаўшылар, кең жәмийетшилик арасында мәлимлеме-үгит-нәсият илажларын өткериў зәрүрлиги ҳаққында пикир-усыныслар билдирди. Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен билдирилген басламаларды ҳуқықый жақтан тәмийинлеўдиң зәрүрлиги атап өтилди.

Буннан соң депутатлар бир қатар нызам жойбарларын биринши оқыўда көрип шығыўға киристи. Атап айтқанда, «Жәмийетлик қадағалаў ҳаққында»ғы, Өзбекистан Республикасының Салық, Шаңарақ, Жынаят-процессуал кодекслерине өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққындағы нызам жойбарлары ҳәм басқа да нызам ҳүжжетлери додаланды.

Елимиздиң бүгинги алға қойған сиясий жолына муўапық «Инсан мәплери ҳәмме нәрседен үстин» деген принципти елимизде халық ҳәкимиятын тек атына ғана емес, ал ҳақыйқый ислеўши механизмлерди күшейтиў арқалы әмелге асырыў демократиялық мәмлекет пенен әдалатлы жәмийетти қурыўда айрықша әҳмийетке ийе.

2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық нормативлик-ҳуқықый базаны буннан былай да раўажландырыў мақсетинде Нызамшылық палатасының депутатлары тәрепинен «Жәмийетлик қадағалаў ҳаққында»ғы нызам жойбары ислеп шығылды. Нызам жойбары пуқаралардың мәмлекетлик уйымлардың жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў арқалы жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик жумысларды басқарыўда қатнасыўға болған, Өзбекистан Республикасы Конституциясы менен кепилликке алынған ҳуқықтың әмелге асырылыўына байланыслы қатнасықларды тәртипке салыўға шақырады. Нызам жойбарында жәмийетлик қадағалаў субъектлериниң ҳуқықлары менен миннетлемелери ашып берилген.

Мәжилисте депутатлар тәрепинен Өзбекистан Республикасының Жынаят-процессуал ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекслерине өзгерислер киргизиўди нәзерде тутатуғын нызам жойбары да көрип шығылды. Депутатлардың атап өткениндей, бул нызам жойбары базар экономикасының тийкарғы шәртлеринен бири болған жеке меншик мүлк кепилликлерин тәмийинлеўде ҳәм қорғаўда шешиўши әҳмийетке ийе болады. Бүгинги күнге шекем Өзбекистан Республикасы Жынаят-процессуал кодексиниң 211-статьясына муўапық жынаят қуралы, кимге тийисли екенине қарамастан, мәмлекет есабына өткерилиўи керек болған ҳәм тийисли мәкемелерге тапсырылған ямаса жоқ етип жибирилген.

Нызам жойбарына муўапық, усы талапқа өзгерис киргизилип, гүман етилип атырған, айыпкер, судланыўшы ҳәм ҳүким етилген  шахсларға тийисли болған жынаят қаралларын мәмлекетке өткериў кереклиги ҳәм тийисли мәкемелерге тапсырылыўы ямаса жоқ етип жиберилиўи нәзерде тутылмақта. Жынаят қураллары гүман етилип атырған, айыпкер, судланыўшы ҳәм ҳүким етилген  шахсларға тийисли болмаған жағдайда, олар өз ийелерине қайтарып бериледи.

Соңынан депутатлар алиментлер төлемин тәмийинлеўге байланыслы әмелдеги нызам ҳүжжетлериндеги бар кемшиликлер менен нәтийжесиз механизмлерди сапластырыў мақсетинде ислеп шығылған нызам жойбарын көрип шықты. Мәжилисте соңғы пайытларда Өзбекистан Республикасы Президентиниң Виртуал қабыллаўханасына пуқаралардың алиментлердиң өз ўақтында төленбеў мәселелерине байланыслы мүрәжатлары ҳәм усы саладағы нызам ҳүжжетлерин жетилистириўге байланыслы усыныслар санының артып кеткенин атап өтти. Буннан тысқары, «Суд ҳүжжетлери менен басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы нызамы шет елге шығыўға байланыслы шеклеўди алып таслаў ушын алиментлерди алдын-ала төлеў ямаса алиментлерди төлеў миннетлемесин тәмийинлеў бойынша гиреў шәртнамасын дүзиў имканиятын беретуғын норма менен толықтырылмақта. Солай етип, алимент төлеўи шәрт болған шахслардың сырт елге шығыў ҳуқықларын әмелге асырыў ушын, алимент алыў ҳуқықына ийе болған балалардың мәплерин бузбаған ҳалда, шараятлар жаратылмақта.

Мәжилисте көрип шығылған басқа да нызам жойбары шаңарақлардағы ажырасыўлардың алдын алыўға, соның ишинде, усы мәселе бойынша мәҳәллелердиң тутқан орнын күшейтиў арқалы оның алдын алыўға қаратылған. Ҳәзирги ўақытта пуқаралар жыйынларының жанында жарастырыў комиссиялары болып, олардың жумысының тийкарғы мақсети шаңарақлық машқалаларды тыныш жол менен шешиўден, шаңарақлық келиспеўшиликлерди судқа шекем көрип шығыўдан ибарат. Усы атап өтилгенлерди есапқа ала отырып, Өзбекистан Республикасының Шаңарақ кодексине судлар ҳәм ПҲАЖ уйымлары тәрепинен олардың жумысында некеден ажыратыўға байланыслы жумыслардың бар екени ҳаққында жарастырыў комиссияларын хабардар етиўге байланыслы қағыйдаларды белгилеўге қаратылған өзгерислер менен қосымшалар киргизилмекте. Бул, өз гезегинде, жарастырыў комиссияларына ажырасыўлардың алдын алыў бойынша илажлар көриў имканиятын береди.

Қызықлы пикир-усыныслар руўхында болып өткен мәжилис даўамында көрип шығылып, биринши оқыўда қабыл етилген нызам жойбарлары бойынша депутатлық бирлеспелер өз көз-қарасларын билдирди.

Мәжилисте Олий Мажлис Нызамшылық палатасының ўәкилликлерине тийисли басқа да мәселелер көрип шығылды.

Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының  Мәлимлеме хызмети