Алдын хабар етилгениндей, «Жаслар поезди» республикамыз бойлап сапар етип, жетик қәнигелерден ибарат үгит-нәсият топары ағзалары жасларымыздың машқалаларын үйренип, ашықтан-ашық сәўбетлерди әмелге асырмақта.

Бүгин, 20-сентябрь күни жети топарға бөлинген қәнигелер, көркем-өнер ғайраткерлери Мойнақ, Қоңырат, Қанлыкөл, Хожели, Нөкис ҳәм Әмиўдәрья районлары және Нөкис қаласының жаслары менен ушырасты.

Атап айтқанда, Әмиўдәрья районы бойлап әмелге асырылған мазмунлы сапар даўамында үгит-нәсият топары ағзалары Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жанындағы 3-санлы Маңғыт академиялық лицейинде оқыўшы ҳәм аймақтағы жәмлеспеген жаслар менен ушырасып, машқалаларын тыңлады.

Районның «Дўрмон» аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан Й.Ўрозбоев МТП ға қараслы «Ўрозбоев Ўлуғбек» фермер хожалығындағы жәмлеспеген жаслардан ибарат пидәкер жаслар отрядынан хабар алынып, пахта теримине көмеклесип атырған белсенди жаслар хошаметленди. Үгит-нәсият топары ағзалары мәҳәллелердеги социаллық қорғаўға мүтәж жаслар, кем тәмийинленген шаңарақ перзентлери ҳәм кекселер менен сәўбетлести.

Соң Пидәкер жаслар отрядлары жойбары шеңберинде Әмиўдәрья районы «Оқ олтин» аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан «Якубова Гәўхар» фермер хожалығында теримши жаслар менен ушырасып, мәдений илажлар шөлкемлестирилди.

Мойнақ районында болған үгит-нәсият топары ағзалары Мойнақ санаат ҳәм транспорт кәсип-өнер колледжинде район жаслары менен ашықтан-ашық сәўбет өткерди.

«Тараққиёт стратегиясы» орайы менен Жаслар аўқамы бирликте Арал теңизине әмелге асырылып атырған экспедиция даўамында Корабльллер қойымшылығына саяхат етти.

Ушырасыўлар даўамында мүрәжат еткен психологиялық, медициналық жәрдемге мүтәж жаслар бийпул тексериўден өткерилди.

Ҳәр бир аймақтағы мәкан пуқаралар жыйыны, емлеўхана ҳәм әскерий бөлимде китаплар акциясы болып өтти. Барлық районларда акция шеңберинде әдебий китаплар тарқатылды. Республикамыздың алыс аймақларынан мектепке қатнайтуғын балаларға 50 велосипед саўға етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.