Араб муўапықластырыў топарының 2014-жылы Ташкентте болып өткен мәжилисте Өзбекстан энергетика, жол инфраструктурасы, коммуналлық хожалық, билимлендириў, экология, ирригация, аўыл инфраструктурасын раўажландырыў сыяқлы тараўларға байланыслы улыўма нырқы 1,6 миллиард АҚШ долларынан зыят 25 жойбар менен таныстырыў мәресимин өткерген еди.

Пайтахтымызда 19-сентябрь күни болып өткен Араб муўапықластырыў топарының гезектеги дөгерек сәўбетинде тәреплер жақын келешектеги жаңа жойбарларды қаржыландырыўдың имканиятларын додалады.

Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети тәрепинен шөлкемлестирилген илажға министрликлер ҳәм уйымлардың, коммерциялық банклердиң басшылары, Араб муўапықластырыў топарының ағзалары қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы С.Холмуродов, Ислам раўажланыў банки топар! президенти Бандар Ҳажар Өзбекстанның абырайлы финанс институтлары менен бирге ислесиў нәтийжесинде экономикалық потенциалы буннан былай да артып атырғаны, өткен жылларда Араб муўапықластырыў топары ағзаларының жәрдеминде жеке секторды қоллап-қуўатлаў. денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, аўыл ҳәм суў хожалығы, транспорт сыяқлы тараўларда көплеген жойбарлар турмысқа енгизилгенин атап өтти.

Араб муўапықластырыў топар!ның ағзалары 5 финанс институтынан дүзилген болып, булар Ислам раўажланыў банки, Саудия раўажланыў қоры, Кувейт араб экономикалық раўажландырыў қоры, ОПЕК халықаралық раўажланыў қоры ҳәм Абу-Даби раўажланыў қоры болып табылады.

Атап өтилгениндей, Ислам раўажланыў банкиниң қатнасыўында мәмлекетимизде нырқы 926 миллион АҚШ долларына тең жойбарлар әмелге асырылған. 2017-жылы Өзбекстан ҳәм ИРБ арасында қол қойылған 300 миллион АҚШ долларлық қаржы келисими бойынша, банк усынған қаржылар, «Аўыллық жерлерде турақ жай қурылысын раўажландырыў» жойбарының 2-басқышын әмелге асырыўға қаратылды.

Мәмлекетимиздиң Саудия раўажланыў қоры менен де бирге ислесиўи раўажланбақта. Өткен жылларда тәреплердиң қатнасыўындағы 150 миллион АҚШ долларына тең жойбарлар тийкарында Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында аўыл мектеплери жаңадан бой тикледи. Ҳәзир қор менен биргеликте нырқы 395 миллион доллар әтирапында болған 6 жойбар бойынша суў тәмийнаты ҳәм насос станцияларын оңлаў, емлеўханаларды ҳәм медицина орайларын үскенелер менен тәмиийнлеў жумыслары алып барылмақта.

Мәмлекетимизде Кувейт араб экономикалық раўажланыў қоры менен нырқы 100 миллион АҚШ долларына тең 4 жойбар әмелге асырылмақта. Олардан екеўи медицина мәкемелерин заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинлеўди нәзерде тутады.

ОПЕК халықаралық раўажланыў қоры менен бирге ислесиў шеңберинде бүгинги күнге шекем 40 миллион АҚШ долларына тең жойбарлар әмелге асырылған. Атап айтқанда, Самарқанд – Бухара темир жолының белгили бөлеги модернизацияластырылған, айырым аймақлардағы ирригация ҳәм дренаж тармақлары қайта тикленген. Ҳәзирги ўақытта аўыллық жерлерде суў тәмийнаты системаларын жақсылаўға қаратылған 2 жойбар әмелге асырыў басқышында.

Илажда Өзбекстан тәрепинен «Ҳәр бир шаңарақ исбилермен», «Абат аўыл» бағдарламалары, билимлендириў, медицина, аўыл хожалығы, турақ жай коммуналлық хожалығы тараўлары бойынша инвестициялық жойбарлар менен таныстырыў мәресими өткерилди. Бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша пикир алысылды.

Малоҳат ҲУСАНОВА,

ӨзАның хабаршысы