Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының биринши орынбасары С.Сафоев 18-сентябрь күни АҚШтың диний еркинлик тараўындағы айрықша тапсырмалар бойынша елшиси С.Браунбэк басшылығындағы делегация менен ушырасты.

Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан менен Америка Қурама Штатлары арасында өз-ара исеним ҳәм мәпдарлыққа тийкарланған қатнасықлар орнатылғаны атап өтилди. Мәмлекетлеримиздиң диний кеңпейилликти тәмийинлеў, исеним еркинлиги ҳәм диний жумыс ушын шараятлар жаратыў бағдарындағы тәжирийбеси ҳаққында пикир алысты.

Ушырасыўда Өзбекстанда инсан ҳуқықлары, атап айтқанда, исеним еркинлигин тәмийинлеў бағдарында бир қатар жетискенликлерге ерисилгени, бул бағдарда әмелге асырылып атырған реформалар избе-излик пенен даўам еттирилетуғыны атап өтилди.

Делегация ағзалары мәмлекетимизде бул тараўда әмелге асырылып атырған жумыслар, соның ишинде, исеним еркинлигин қорғаў бойынша көрилип атырған илажларға жоқары баҳа берди. Диний еркинликти тәмийинлеў мәселелери бойынша АҚШ пенен жолға қойылған әмелий сөйлесиў өз нәтийжелерин беретуғынына исеним билдирилди.

8.JPG

Сыртқы ислер министрлигинде өткен ушырасыўда усы жылдың июль айында Вашингтонда болып өткен халықаралық конференция көлеминдеги сөйлесиўлердиң даўамы сыпатында диний еркинликлерди тәмийинлеў тараўындағы бирге ислесиўлерди раўажландырыўдың перспективалары додаланды.

Сөйлесиўлерде диний еркинлик әмелиятын жақсылаў тараўында бирге ислесиў мәселелери, соның ишинде, ҳүкиметлик емес шөлкемлер ҳәм таллаў топарлары арасындағы байланыслар бойынша Өзбекстан – АҚШ сөйлесиўин даўам еттириўден тәреплер бирдей мәпдар екени атап өтилди.

9 (1).JPG

АҚШ делегациясы Өзбекстан мусылманлары мәкемесинде де ушырасыў өткерди. Елшиге ҳүждан еркинлиги, пуқаралардың нызамлы мәплерин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, диний шөлкемлердиң жумысы ҳаққында айтып берилди.

Ушырасыў соңында мийманлар Муйи Мүбәрек медресесинде сақланып атырған Усмон Мусҳафи ҳәм Ҳәзирети Имам комплексиндеги тарийхый-ағартыўшылық естеликлер менен танысты.

Улуғбек ШОНАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы