ВР трансмиллий нефть-газ компаниясы Өзбекстандағы жумысларын кеңейтиўге тайын. Бул ҳаққында компанияның сиясий мәселелер бойынша кеңесгөйи Майкл Денисон айтып өтти, деп жазады Spot басылымы.

Оның сөзлерине қарағанда, компания Қарақалпақстанның Арқа Үстирти ҳәм Ферғана ўәлаятындағы перспективалы кәнлер бойынша жумыс алып барады. Ол жерде углеводородларды қазып алыў ушын алдын қолланылмаған технологиялардан пайдаланыў жобаластырылмақта.

– ВР компаниясы Castrol май өнимлери сатыўын республикада перспективалы ислеп шығарыўды жолға қойыў менен кеңейтиўди жобаластырмақта, – деп айтып өтти Денисон.

Сондай-ақ, компания өз технологияларын енгизиў арқалы альтернативалық энергия дәреклерин раўажландырыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыўға қатнасыўды жобаластырмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.