Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Президент Гурбангули Бердимуҳамедовтың мирәт етиўине бола 2017-жыл 17-сентябрь күни Түркменстанға сапар етеди ҳәм Ашхабад қаласында өткерилетуғын Жабық объектлерде ҳәм жаўынгерлик өнери бойынша V Азия ойынларының ашылыў мәресиминде қатнасады.

Сапар шеңберинде Президентимиз бир қатар мәмлекетлердиң басшылары менен еки тәреплеме ушырасыўлар да өткереди.