2017-жыл 11-сентябрь күни Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Депутатлар Мәмлекетлик бюджеттиң ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары бюджетлериниң усы жылдың 8 ярым жыллығындағы орынланыў жуўмақларын көрип шықты.

Дәслеп сиясий партиялар фракцияларының ҳәм Өзбекистан Экологиялық ҳәрекети депутатлық топарының, сондай-ақ, Нызамшылық палатасының салаға тийисли комитетиниң мәжилислеринде усы мәселени дәслепки додалаўлар өткерилген еди.

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасына бола ислеп шығылған ҳәм усы жыл 7-февраль күни тастыйықланған 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының және «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы» Мәмлекетлик бағдарламасының орынланыўы, биринши ярым жыллықта мәмлекетлик уйымлар, қадағалаўшы уйымлар, банк-қаржы мәкемелери, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары жумысының механизмлерин және түрлерин түп-тийкарынан өзгертиў бойынша комплексли илажлардың әмелге асырылыўы экономикалық өсимниң турақлылығы ҳәм макроэкономикалық турақлылық сақланып турыўын тәмийинлегенлиги мәжилисте атап өтилди.

Елимиз тармақлары менен аймақларындағы жоқары инвестициялық белсендилик, алып барылып атырған структуралық өзгерислер, шийкизат ҳәм ярым таяр өнимлерди терең қайта ислеў тийкарында бәсекиге шыдамлы өнимди ислеп шығаратуғын жоқары технологиялы жойбарлардың әмелге асырылыўы, хожалық жүргизиўши субъектлер ушын буннан былай да қолайлы экономикалық шараяттың жаратылыўы, олардың экспорт жумысының хошаметлениўи, сондай-ақ, хызметлер көрсетиў саласының, биринши гезекте, мәлимлеме-коммуникация технологиялары негизинде хызметлер көрсетиўдиң заманагөй түрлери пайда болыўы есабынан жедел раўажланыўы экономикалық өсимниң тийкарғы факторлары болды.

Елимиздиң бюджет сиясатын жетилистириў бойынша биринши ярым жыллықта қабыл етилген, бюджетлердиң дәрамат базасын кеңейтиўге, бюджетлераралық қатнасықларды жетилистириўге ҳәм бюджет қаржыларының қаржыларының қәрежетлер нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған илажлар есап бериў дәўиринде Мәмлекетлик бюджетти турақлы орынлаў имканиятын берди.

Салыққа тартыў системасын әпиўайыластырыўға қаратылған бюджетлераралық қатнасықлардың ҳәм салық ҳәкимшилигиниң заманагөй механизмлери енгизилип атырғаны атап өтилди. Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Жергиликли бюджетлерди қәлиплестириўде жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының ўәкилликлерин кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы және «Салық ҳәкимшилигин түп-тийкарынан жетилистириў, салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлердиң жыйналыўын көбейтиў илажлары ҳаққында»ғы пәрманларының тутқан орны айрықша атап өтилип, усы пәрманларға муўапық халықтың реал дәраматларын, турмыс дәрежесин ҳәм сапасын арттырыў, республикалық бюджеттен қаржыландырыўға байланыслылықты азайтыў, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының еркинлигин күшейтиў мақсетинде аймақларды комплексли раўажландырыўдың турақлы қаржыландырылыўын тәмийинлеў елимиз бюджет сиясатының тийкарғы ўазыйпасы етип белгиленген.

Усы пәрман шеңберинде быйылғы жылдың 1-июлинен 31-декабрине шекем Ташкент қаласында ҳәм оның районларында олардың бюджетлери дәраматлары ҳәм қәрежетлериниң жаңа структурасын нәзерде тутатуғын тәжирийбе өткерилмекте.

Бул илажлардың нәтийжесинде Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы бюджетлериниң қәражетлер үлеси мәмлекетлик бюджет структурасында есап бериў жылында 53 процентке өсти.

Аймақлардың жергиликли бюджетлерди беккемлеўге байланыслы резервлеринен ҳәм ресурс имканиятларынан пайдаланыўды кеңейтиў саласында алып барылып атырған илажлар нәтийжесинде өткен дәўирде тиккелей салықтан түскен түсимлердиң муғдары 5528,7 миллиард сумды қурағаны және 2016 жылдың усы дәўирине салыстырғанда 793,8 миллиард сумға, яғный,  16,8 процентке өскени депутатлар тәрепинен атап өтилди.

Соның менен бирге, депутатлар Мәмлекетлик бюджеттиң ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары бюджетлериниң дәраматларын қәлиплестириўдеги және қаржылардан нәтийжели пайдаланыўдағы кемшиликлерге тоқтап өтти. Атап айтқанда, Мәмлекетлик бюджеттиң есап бериў дәўириндеги орынланыў барысы сын көз-қарастан талқыланған ҳалда, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен қолда бар резервлерден және ресурс имканиятларынан жетерли пайдаланылмағаны атап өтилди.

Жедел социаллық-экономикалық раўажландырыўға байланыслы аймақлық бағдарламаларды, әсиресе, санаат ҳәм хызметлер көрсетиўди раўажландырыў саласындағы бағдарламаларды әмелге асырыў арқалы районлар ҳәм қалалардың субвенцияларға байланыслылығын қысқартыўға жетерли дәрежеде итибар қаратылмай атыр. Себеби, есап бериў дәўиринде санаат саласында микрофирмаларға ҳәм киши кәрханаларға жеңилликлер бериўдиң есабынан Қарақалпақстан Республикасының тек ғана 9 районы және Хорезм ўәлаятының 7 районы, сондай-ақ, 27 район ҳәм қала субвенциядан шығарылды. Соның менен бир ўақытта 73 район елеге шекем субвенция жағдайында қалмақта.

Буннан тысқары, елимиздиң тийкарғы қаржы ҳүжжетиниң есап бериў дәўириндеги орынланыўына байланыслы материаллар толық берилмегени ушын қаржы уйымлары депутатлар тәрепинен сынға алынды. Сонлықтан депутатлар бирлеспелеринде ҳәм салаға тийисли комитетте додалаўға таярлық көриў процесинде қосымша материаллар сорап алынды.

Улыўма алғанда, мәжилис жуўмақларына бола, Мәмлекетлик бюджеттиң ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары бюджетлериниң 2017-жылдың биринши ярым жыллығындағы орынлаўы ҳаққындағы есапты тастыйықлаў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының

Мәлимлеме хызмети