Бисмиллоҳир Раҳмонир Раҳийм

Ассалаўма-әлейкум ва раҳматуллоҳи ва баракотуҳу

Қазақстан Республикасы Президенти ҳүрметли Уллы Мәртебели Мырза Нурсултан Назарбаев!

Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң Бас хаткери, ҳүрметли доктор, Уллы Мәртебели Мырза Аҳмад ал-Усаймин!

Ҳүрметли мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң усы абырайлы саммитиниң темасы, яғный, «Илим, технологиялар, инновациялар ҳәм ислам дүньясын модернизациялаў» деген идея бүгин ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли.

Ислам дүньясы жәҳән илимине ҳәм цивилизациясына қосқан шексиз үлеси менен мақтаныўға толық ҳақылы екенлигин атап өтиў керек.

Атап айтқанда, Орайлық Азия аймағы Шығыс Ренессансының ири орайларынан бири сыпатында пүткил дүньяға белгили ҳәм танымалы болған.

Бул ҳаққында сөз еткенде, бәринен бурын, уллы ўатанласларымыз ­ алгоритмниң тийкарын салыўшы Ал-Хорезмий, энциклопедист илимпаз Ал-Фарғоний, геодезия ҳәм минерология илимлериниң раўажланыўына үлкен үлес қосқан Әбу Райхан Беруний, Батыста Авиценна аты менен танылған Ибн Сино, мәмлекетлик ғайраткер ҳәм уллы астроном Мырза Улығбек сыяқлы ойшыллардың атларын ҳүрмет пенен тилге аламыз.

Бүгинги тынышсыз ҳәм қәўетерли заманда раўажланыў ҳәм социаллық тең салмақлылықты тәмийнлеўде уллы бабаларымыз қалдырған, пүткил инсанияттың руўхый байлығы болған бийбаҳа мийрастың орны ҳәм әҳмийети шексиз. Әне, усындай ийгиликли мақсет пенен өткен жылы Ташкентте өткерилген шөлкемимиздиң Сыртқы ислер министрлери Кеңесиниң 43-сессиясында Самарқандта Имам Бухарий атындағы халықаралық илимий-изертлеў орайын шөлкемлестириў идеясын усыныс еткен едик ҳәм ҳәзирги күнде бул бағдарда мәмлекетимизде кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Пурсаттан пайдаланып, шөлкемимизге ағза мәмлекетлердиң басшыларына, атап айтқанда, Ислам Раўажланыў банкиниң Президенти Бандар Ҳажар мырзаға басламамызды қоллап-қуўатлағаны ушын миннетдаршылық билдиремен.

Бүгинги күнде Өзбекистан китап фондларында l00 мыңнан аслам қолжазбалар сақланбақта, олардың тийкарғы бөлеги ЮНЕСКОның Пүткил жәҳән мәдений мийрасы дизимине киргизилген.

Ҳәзирги ўақытта биз Өзбекистан пайтахты Ташкентте Ислам цивилизациясы орайын шөлкемлестириў жумысларын басладық ҳәм Шөлкемге ағза мәмлекетлерди белсене бирге ислесиўге шақырамыз.

Бул орайды «Жаўызлыққа қарсы ­ ағартыўшылық» сүрени астында қурыўды дәўирдиң өзи талап етпекте.

Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!

Өзбекистан Ислам бирге ислесиў Шөлкеми сыртқы ислер министрлери кеңесине басшылығы дәўиринде «Билимлендириў ҳәм ағартыўшылық ­ тынышлыққа ҳәм дөретиўшиликке қарай жол» идеясын алға қойғаны тегиннен емес.

Бүгинги күнде Өзбекистанда 300 ден аслам илимий-изертлеў мәкемеси, илимий өндирислик кәрханалар ҳәм инновациялық орайлар жумыс алып бармақта.

Соңғы пайытлары елимизде жаңа илимий инновациялық структуралар ­ Геномика ҳәм биоинформатика орайы, Халықаралық қуяш энергиясы институты, Жоқары технологиялар орайы, Өзбекистан-Япония жаслар инновациялық орайы шөлкемлестирилди.

Биз Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң Илим ҳәм технологиялар саласында бирге ислесиў бойынша Турақлы комитети жумысын жоқары баҳалаймыз ҳәм оның жумысында еле де белсене қатнасыўды режелестиргенбиз.

Шөлкемимиздиң усы бағдарда 2005-20l5-жылларға мөлшерленген Он жыллық ҳәрекетлер бағдарламасы нәтийжелери белгиленген мақсетлерге ерисилгенинен дәрек береди.

Ҳәзирги ўақытта көплеген мусылман еллери илим ҳәм технологиялар саласында раўажланған мәмлекетлерден сезилерли дәрежеде изде қалып атырғанын тән алыў лазым.

Мәселен,  ағза мәмлекетлердиң тек ғана ll жоқары билимлендириў мәкемеси жәҳәнниң 500 ең жақсы университети рейтингинен  орын алған.

Яки 20l5-жылы дүнья бойынша патент алыў бағдарындағы мүрәжатларда бул еллердиң үлеси тек ғана бир де оннан тоғыз процентти қураған. Шөлкемге ағза мәмлекетлерде 20l6-жылы жәрияланған илимий мақалалардың дерлик 80 проценти жети мәмлекеттиң үлесине туўра келген.

Көпшилик мусылман еллери бай тарийхый резервлерге, үлкен қаржы потенциалына ийе болса да, экономикаға инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды енгизиўде белсендилик көрсете алмай атырғанлығын өкиниш пенен атап өтиў лазым.

Фундаменталь илим салаларын раўажландырыўға, дәўирдиң әҳмийетли машқалаларына илимий шешимлер табыўға қаратылған бирге ислесиўди жолға қойыў ислам дүньясының илимий-технологиялық потенциалын арттырыў ушын беккем тийкар жаратады, деп ойлайман.

Мырза Улығбектиң астрономия илиминиң раўажланыўындағы бийбаҳа үлесин итибарға алып, Самарқанд қаласында заманагөй телескоп орнатыў ҳаққындағы усынысты биз миннетдаршылық пенен қабыл етемиз.

Биз Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң 20l5-2025-жылларға мөлшерленген Он жыллық ҳәрекетлер бағдарламасын ҳәм оның әҳмийетли бағдарларын толық қоллап-қуўатлаймыз ҳәм төмендеги ўазыйпаларға айрықша итибар қаратыў керек деп есаплаймыз.

Бириншиден, глобал ықлым өзгерислери машқаласы. Көпшилик регионларда топырақ жемирилип, өнимдарлы жерлер қысқарып бармақта, шөллениў, суў тамтарыслығы, қурғақшылық, халықты ишимлик суўы менен тәмийинлеў үлкен машқалаға айланбақта.

Арал бойындағы экологиялық апатшылық себепли бул қәўиплер бизиң регионымыз ушын және де үлкен қәўип туўдырмақта. Биз «персоналластырылған аўыл хожалығы» концепциясын ислеп шығыўда бирге ислесиўди усыныс етемиз.

Бул концепция аўыл хожалығы егинлериниң белгили бир орталық, топырақ, төгин, суў ҳәм биостимуляторларға салыстырмалы реакциясын есапқа алып, олардың анық генотиплерине итибар қаратыўды нәзерде тутады.

Екиншиден, илим, билимлендириў ҳәм өндирис арасындағы интеграцияласқан бирге ислесиўди жолға қойыў зәрүр деп есаплаймыз.

Усы мүнәсибет пенен Қазақстан Президенти ҳүрметли Нурсултан Әбишевич Назарбаевтың турақлы ҳәм инклюзив экономикалық раўажланыўға ерисиў, өз-ара пайдалы бирге ислесиўди күшейтиўге қаратылған мусылман мәмлекетлери арасында инфраструктуралар бойынша интеграцияны шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысын қоллап-қуўатлаймыз.

Үшиншиден, жоқарыда атап өтилген Турақлы комитеттиң ағза мәмлекетлер аймағында алты Жоқары нәтийжели компьютер орайларын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына муўапық, усындай орайлардан бирин Өзбекистанда жайластырыўға таяр екенимизди билдиремиз.

Биз жас илимпазларға билим ҳәм тәжирийбе алмасыў, биргеликте изертлеўлер өткериў имканиятын беретуғын Мусылман дүньясы жас илимпазлары халықаралық орайын дүзиўди усыныс етемиз.

Төртиншиден, Турақлы комитеттиң қәўендерлигинде Өзбекистанда Ал-Хорезмийдиң естелигине бағышлап, жас математиклер арасында Халықаралық олимпиаданы шөлкемлестириўди усыныс етемиз.

Бесиншиден, мусылман дүньясында қолға киргизилип атырған илим жетискенликлерин мүнәсип баҳалап ҳәм оларды халықаралық көлемде ғалаба ен жайдырыў ушын Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң арнаўлы сыйлығын шөлкемлестириўди мақсетке муўапық, деп ойлаймыз.

Алтыншыдан, альтернативалы энергия ресурсларын кең көлемде өзлестириў бәршемиз ушын айрықша әҳмийетке ийе. Сол себептен бул бағдардағы илимий-изертлеў жумысларын ҳәм тәжирийбе-инновациялық жойбарларды биргеликте, атап айтқанда, инвестициялар киргизиў есабынан әмелге асырыўға таяр екенимизди билдиремиз.

Жетиншиден, ағза мәмлекетлердиң турақлы экономикалық раўажланыўы, халықтың мүнәсип турмыс дәрежесин тәмийинлеў мақсетинде илим ҳәм технологиялар бойынша саммитти ҳәр үш жылда бир мәрте өткериўди ҳәм усы усыныс қоллап-қуўатланғанда, кейинги  саммитти 2020-жылы Өзбекистанда өткериўге таяр екенимизди билдирмекшимен.

Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!

Бүгинги саммит мусылман үмметиниң аўызбиршилигин беккемлеў, халықларымыздың раўажланыўы ҳәм абаданлығы жолындағы тарийхый қәдем, десек, әйне ҳақыйқат болады.

Усы әнжуман уллы илимпаз Мырза Улығбектиң Бухара қаласында қурған медресеси алдына жазылған «Илим ийелеў ҳәр бир мусылман ушын парыз» деген ҳәдисин турмысымыз қағыйдасына айландырыўға хызмет ететуғынына исенимим кәмил.

Пурсаттан пайдаланып, Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң Бас хаткери, доктор, Уллы Мәртебели Мырза Юсуф Бен Аҳмад ал-Усайминге, шөлкемимиздиң илим ҳәм технологиялар саласында бирге ислесиў бойынша Турақлы комитети баслығы, Пакистан Ислам Республикасы Президенти. Уллы Мәртебели Мырза Мамнун Хусайнға мусылман дүньясындағы илимий бирге ислесиўди күшейтиў бойынша әмелий ис-ҳәрекетлери ушын миннетдаршылық билдиремен.

Қазақстан Республикасы Президенти ҳүрметли Нурсултан Әбишевич Назарбаевты гөззал Астана қаласында «ЭКСПО-20l7» халықаралық көргизбесиниң табыслы өткени менен шын кеўлимнен қутлықлайман ҳәм де бүгинги саммитти жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ушын терең миннетдаршылық билдиремен.

Дыққатларыңыз ушын рахмет!