Пайтахтымыздағы Ташкент педиатрия медицина институты Нөкис филиалына қараслы академиялық лицейде Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша Нөкис қалалық Кеңеси тәрепинен «Ең үлгили қәйината» таңлаўының Нөкис қалалық басқышы өткерилди.

Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша Нөкис қалалық Кеңеси, қалалық Ҳаял-қызлар комитети, Республикалық руўхый-ағартыўшылық ҳәм «Шаңарақ» илимий-әмелий изертлеў орайлары, Мусылманлар қазыяты менен бирликте шөлкемлестирилген таңлаўда мәҳәллелер арасындағы басқышта жеңимпаз болған 6 жасы үлкен қария үш шәрт бойынша беллести.

Быйыл биринши мәрте өткерилип атырған таңлаўдың мақсети – шаңарақта әкениң ролин арттырыўдан, шаңарақлардың беккемлигинде, келинниң жаңа шаңарақта бахытлы жасап кетиўинде қайнатаның орны жүдә үлкен екенин кең түрде үгит-нәсиятлаўдан, үлги бола алатуғын қайнаталарды хошаметлеўден, шаңарақлық тәжирийбелерин ғалаба ен жайдырыўдан ибарат.

Таңлаў жуўмағында «Қумбызаўыл» мәкан пуқаралар жыйынынан быйыл 70 жасты қарсылап атырған Қудайберген Қурбаниязов биринши орынды, «Байтерек» мәкан пуқаралар жыйынынан 61 жастағы Марқабай Алланов екинши орынды, «Гөнеқала» мәкан пуқаралар жыйынынан 55 жасқа шыққан Рустем Камалов үшинши орынды жеңип алыўға еристи. Таңлаўдың тийкарғы ҳәм номинациялар бойынша жеңимпазларына қәўендер шөлкемлердиң естелик саўғалары менен Ҳүрмет жарлығы тапсырылды.

 

М.Пирназарова,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.