Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Демократиялық институтлар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары комитетиниң баслығы,  Инсан ҳуқықлары бойынша Миллий орайдың директоры, академик А.Саидов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А. Хамраев, Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы  С.Турманов жаңа оқыў жылы менен қутлықлаў мақсетинде И.Юсупов атындағы ана тили ҳәм әдебиятын тереңлестирип оқытыўға қәнигелестирилген мектеп-интернатына келди.

 Олар мектеп-интернаттың жаңа оқыў жылына таярлығы,   жәмәәттиң бүгинги күнде алып барып атырған жумыслары, жаратылған шараятлар менен танысты.  Жаңа оқыў жылының басланыўына байланыслы мектеп-итернатта шөлкемлестирилген байрам илажында шығып сөйлегенлер Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен билимлендириў тараўын және де жетилистириў, педагог кадрларды ҳәм халық билимлендириў хызметкерлерин қоллап-қуўатлаў бағдарында үлкен реформалар әмелге асырылғанын атап өтти.

– Елбасшымыздың усындай итибары нәтийжесинде бой тиклеген мектебимиз ушын өткен оқыў жылы жүдә жемисли жыл болды, – дейди мектеп-интернаттың директоры П.Палымов. – 2018-жылы январь айында Ташкент қаласында Биринши Президентимиз естелигине арнап өткерилген әнжуманда 10-класс оқыўшымыз А.Қалыбаева Т.Каримова тәрепинен алтын медаль менен сыйлықланды. 9-класс оқыўшысы Г.Жолдасбаева 1-7-июль күнлери аралығында инглис тили бойынша «Сакура» тәжирийбе алмасыў илимий бағдарламасының семинарына қатнасып, сегиз мәмлекет арасында биринши орынды алыўға еристи. Қулласы, оқыўшыларымыз ана тилин терең үйрениў менен бирге спорт, музыка ҳәм басқа да бағдарлар бойынша үлкен жетискенликлерге ерисип келмекте.

Пайтахтымызда жайласқан И.Юсупов атындағы мәмлекетлик қәнигелестирилген мектеп-интернаты быйыл да бесинши классқа оқыўшылар қабыллап, бул жерде ҳәзирги ўақытта 200 ден аслам оқыўшы тәлим-тәрбия алмақта. Мектепте жаңа оқыў жылы «Әзиз ҳәм жалғызымсаң, жанажан Өзбекстаным!» темасындағы ғәрезсизлик сабағы менен басланды.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы