Бүгинги күнде ғәрезсизлигимиздиң 27 жыллық байрамы алдынан барлық қала ҳәм районларымызда жаңадан қурылған, реконструкцияланған мектеп ҳәм балалар бақшалары, спорт ҳәм социаллық объектлери, өндирис кәрханалары менен хызмет көрсетиў шақапшалары пайдаланыўға берилмекте.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 18-июльдеги «2018-жылда аўыллық жерлерде жаңаланған үлгидеги жойбарлар бойынша арзан турақ жайлар ҳәм қалаларда арзан көп квартиралы турақ жайлар қурыў бағдарламаларын әмелге асырыў механизмлерин жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында аўыллық жерлерде жаңаланған үлгидеги жойбарлар бойынша арзан турақ жайлар ҳәм қалаларда көп квартиралы турақ жайлар қурыў бағдарламалары нәтийжели әмелге асырылып, халықтың қолайлы турақ жайға болған талабын қанаатландырыў, сондай-ақ, пуқаралардың абаданлық дәрежесин буннан былай да арттырыў, олардың турақ жай шараятларын жақсылаў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Усындай ийгиликли ислердиң нәтийжесинде усы жыл 28-август күни пайтахтымыздан және 42 шаңарақ өз турақ жайына ийе болды.

Бул имарат бурын Нөкис халықаралық аэропортының мийманханасы болып, ол көп жыллардан берли дерлик қараўсыз қалған еди. Республикамыз басшыларының басламасы менен бул имаратқа қайта ири оңлаў жумыслары алып барылып, кем тәмийинленген, майыплығы бар ямаса бағыўшысын жоғалқан, өз турақ жайына ийе болмаған пуқараларға жәрдем ретинде бийпул тапсырыў бойынша шешимге келинген еди.

Имаратты жумысты бөлип алып ислеўши «Нөкис Туран қурылыс» ЖШЖ ҳәм бас буйыртпашы «Бирден-бир буйыртпашы хызмети» инжиниринг компаниясы тәрепинен усы жыл 27-июль күни жумыслар қызғын түрде баслап жиберилип, имарат толық қайта ири оңлаўдан шықты. Имаратқа таза шифр салынып, ишин пардозлаў бойынша жумыслар әмелге асырылды. Тазадан айна, қапы салынды. Электр энергиясы, ыссы суў, ишимлик суў, газ тармақлары толық қайтадан тартылды. Ҳәр бир квартираға бөлек «Аристон» котёлы қурылып, ҳәжетханасы, ваннасы қайта оңланды. Жайдың ҳәўли тәрепине адамлар сәўбетлесип дем алыўы ушын еки бастырмалы шертек, бир балалар ойнайтуғын майданша қурылды. Айналарындағы перделерине шекем алып берилди.

Пайтахтымыздың кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасында усы турақ жай ийелерине, жайды тапсырыў мәресими болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов қатнасып, бәршени ғәрезсизлигимиздиң 27 жыллық байрамы ҳәм жаңа турақ жайдың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қызғын қутлықлады. Имарат ийелерине жай гилтлери ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң саўғалары салтанатлы түрде тапсырылды.

Президентимиздиң басшылығында алып барылып атырған ийгиликли ислер кең көлемли дөретиўшилик жумысларға беккем тийкар болмақта. Мәселен, жақында ғана ҳүрметли Президентимиздиң жеке идеясы, тиккелей усынысы тийкарында пайтахтымызда ени 8, узынлығы 15 метр болған елимиз байрақлары 55 метр бәлентликке көтерилди.

Сондай-ақ, Жас тамашагөйлер театры, ҳаяллар «Мүриўбет үйи» толығы менен қурып питкерилип, халқымыз ийгилигине тапсырылып, қала ҳәм районларымызда быйылғы жылдың өзинде социаллық жәрдемге мүтәж, имканияты шекленген инсанлар ушын 100 ден аслам турақ жайлар пайдаланыўға берилди.

Бүгин болса 42 шаңарақ ийелерине тапсырылып атырған турақ жайлар ҳеш қандай төлемлерсиз, бийпул тапсырылмақта.

Жаңа турақ жайға ийе болып атырған бул шаңарақлардың жағдайы Нөкис қаласы ҳәкимлиги тәрепинен дүзилген арнаўлы комиссия тәрепинен үйренилип шығылды.

Бул имараттың қурылыс жумысларына 1 миллиард 900 миллион сумнан аслам қаржы жумсалды.

– Мен көп жылдан берли еки балам менен кирейде жасап келдим. Бир баламның майыплығы себепли оған қарап, жумысқа шыға алмадым. Мине, бүгин ҳүкимет басшылары бизге кеўил бөлип, ҳеш қандай ақша сорамастан, бийпул түрде бир бөлмели квартираны бизге байрам саўғасы ретинде тапсырды. Жайлы болдым. Буннан мениң қуўанышым шексиз. Бундай ғамхорлығы ушын ең дәслеп, ҳүрметли Президентимизге, сондай-ақ, ел басшыларына ҳәм бул объектти қысқа мүддетлерде таярлаған «Нөкис Туран қурылыс» кәрханасының қолы гүл қурылысшыларына мың да бир рахмет,-дейди Элмира Абсаметова.

Бундай бийпул имарат елимизде бириншилерден болып ҳеш қандай биринши төлемлерсиз, қарызларсыз тапсырылды. Жаңа турақ жай ийелериниң Президентимиз тәрепинен ажыратып берилген бул турақ жайларда жақсы күнлерди өткерип, терең билимли ҳәм ақыллы перзентлер тәрбиялап, елимиздиң раўажланыўына ылайықлы үлес қосатуғынына беккем исенемиз.

Илажға Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйиниң орынбасары А.Усманов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

(М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери).