Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы хызметкерлери тәрепинен өткерилген оператив илажлар нәтийжесинде Тақыятас районы халық билимлендириў бөлими баслығы ўазыйпасын ўақытша атқарыўшысы М. пара алып атырған ўақтында қолға алынды. Бул ҳаққында департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасының оператив бөлими инспекторы Алпамыс Абипназаров бизге мәлим етти.

Мағлыўматларға қарағанда, Тақыятас районы халық билимлендириў бөлими баслығы ўазыйпасын ўақытша атқарыўшысы М. пуқара П. ны жоқары лаўазымларда ислейтуғын таныслары арқалы Тақыятас районындағы 1-санлы мектепке муғаллим етип жумысқа киргизиў ушын оннан 200 АҚШ доллары муғдарындағы ақшаны пара сыпатында талап еткен ҳәм оны алып атырғанда оператив хызметкерлер тәрепинен қолға алынған.

Бул ҳалат бойынша М. ға жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.