Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 28-декабрьдеги «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы»  мүнәсибети менен Халық қабыллаўханаларының орынларда көшпели қабыллаўлары шөлкемлестирилмекте.

Усындай көшпели қабыллаў 5-сентябрь күни Әмиўдәрья районында болып өтти. Оған министрликлер менен ведомстволардың, кәрхана, шөлкем, мәкемелердиң басшылары, ҳуқық қорғаў уйымларының, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтың тиккелей басшылығында республикамызды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў,  аймақ турғынларының турмыс шараятын жақсылаў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Бунда Журтбасшымыздың усы жыл 18-январь күнги «2017-2021-жылларда Аралбойы регионын раўажландырыўдың Мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы, сондай-ақ, усы жыл 28-февраль күнги «2017-2018-жылларда Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районын экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарларының қабыл етилиўи айрықша әҳмийетке ийе болды.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң райондағы Халық қабыллаўханасына быйылғы жылдың өткен айлары даўамында физикалық ҳәм юридикалық шахслардан жәми  481 мүрәжат келип түскен. Соннан 42 мүрәжат жоқары уйымларға, 307 мүрәжат райондағы мәкемелерге жиберилген болса, 132 мүрәжат Халық қабыллаўханасының өзинде үйренип шығылды. Соннан 199 ы қанаатландырылды, 241 мүрәжат бойынша түсиник берилди, 41и тийисли шөлкемлер тәрепинен үйренип шығылмақта.

Усы күни районда шөлкемлестирилген көшпели қабыллаўға тийкарынан  бәнтлик, коммуналлық хызметтен наразылық, медициналық жәрдем, кредит алыў, турақ жай, жер орны менен тәмийинлеў ҳәм басқа да мәселелер бойынша 44 пуқара мүрәжат етти. Келип түскен мүрәжатлардан 8 и сол жердиң өзинде қанаатландырылды. Қалғанлары тийисли тараў басшылары тәрепинен үйренип шығылмақта.

Мәселен, райондағы «Қыпшақ» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Роза Эрдашева быйыл Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң экология факультетине төлемли шәртнама тийкарында оқыўға қабылланды. Деген менен шаңарақ жағдайына бола  шәртнама төлеминен қыйналып, тәлим кредит алыўға жәрдем сорап көшпели қабыллаўға мүрәжат етти. Оның бул мүрәжаты тийисли шөлкемлер тәрепинен қанаатлантырылды. Сондай-ақ, «Орта қала» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан Махсуд Юлдашев «Темир бетон» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине, «Дүрмен» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Диларам Рахимова райондағы 23-санлы улыўма билим бериў мектебине  өз қәнигелеги бойынша жумысқа орналасатуғын болды.

Усы күни райондағы «Тасжап» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында үй-жайға мүтәж, имканияты шекленген пуқараларға қурылған еки қабатлы  16 квартиралы турақ жайдың пайдаланыўға тапсырыў салтанаты болып өтти.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың 2016-жыл 21-октябрьдеги «2017-2021-жылларда аўыллық жерлерде жаңаланған үлгили жойбарлар бойынша арзан үй-жайлар қурыў бағдарламасы ҳаққында»ғы және 2016-жыл 22-ноябрьдеги «2017-2020-жылларда қалаларда арзан көп квартиралы үй-жайлар қурыў және реконструкциялаў бағдарламасын әмелге асырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарларына муўапық тийкарынан кем тәмийинленген, жас шаңарақлар, жалғыз баслы пуқаралар усындай үй-жайлар менен тәмийинленбекте. Улыўма сметалық баҳасы 1 миллиард 284 миллион сум болған бул жайды «Манғыт инвест максимум» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қурылысшылары қурып питкерди.

Жеңилликли үй-жай алыў бахтына миясар болғанлардың арасында биринши ҳәм екинши топар майыплары Дәрменжан  Ибадуллаева, Юлдуз Каримова, Минавар Султанова, Шарофат Рахимовалар бар. Атап өтетуғын нәрсе, бул пуқаралардың үй-жайлары ушын басланғыш төлемлер «Өзбекпахтасанаат» акционерлик бирлеспеси ҳәм «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды тәрепинен төлеп берилди.

-Бундай ғамхорлығы ушын Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёевқа шексиз миннетдаршылық билдиремиз,-дейди жаңа үй-жай ийелеринен бири, «Жасорат» медалының ийеси Дәрменжан  Ибадуллаева. -Усы жыл  июнь айында районымызда болып өткен көшпели қабыллаўда маған заманагөй тигиў машинасы берилген еди. Ҳәзир  пахта тазалаў заводы менен шәртнама тийкарында жумыс алып барып атырмыз. Кәрхана тәрепинен бизлерге мийнет дәптершеси ашылып, салықтан жеңиллик берилмекте. Ең баслысы, алған дәраматымыз есабынан үй-жайдың төлемин төлеп барамыз.

Жаңа үй-жайдың пайдаланыўға тапсырылыўы ҳақыйқый байрамға уласып кетди. Бул жерде жақын күнлерде еки қабатлы  16 квартиралы және бир турақ жай пайдаланыўға тапсырылады.

Ҳақыйқатында да, 2017-2020-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес әҳмийетли жөнелиси бойынша қабыл етилген Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек» деген принцип бүгинги күни елимиз сиясатының ең әҳмийетли бағдарының бирине айланбақта. Буны орынларда өткерилип атырған көшпели қабыллаўлар мысалынан да көриўимизге болады.

Бундай көшпели қабыллаў Тахтакөпир, Мойнақ, Қанлыкөл районларында да болып өтти. Оларда усы районлардан тысқары Шымбай, Қараөзек, Кегейли, Қоңырат, Шоманай районларының пуқаралары да қабыл етилди. Көшпели қабыллаў шеңберинде үй-жайға мүтәж, имканияты шекленген пуқараларға турақ жайлар тапсырылды.

 

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.