Ҳәзирги ўақытта, ең қалтаға қолайлы ҳәм өтимли «Спарк», «Нексия» ҳәм «Кобальт» модельлери ушын усақлап сатыў баҳалары өзгериссиз қалмақта.

  Бул қарарды қабыл етиўде «General Motors Uzbekistan» акционерлик жәмийетиниң финанслық жағдайы және айрықша автомобиль модельлерин ислеп шығарыўдың рентабельли емеслиги есапқа алынды, бирақ акциз салығы ставкаларын оптималластырыў ҳәм дилерлик маржасын азайтыўдың есабынан баҳалардың кескин қымбатлаўына жол қоймаўға ерисилди.

Автомобильлер ушын усақлап сатыў баҳалары ҳәм акциз салығы ставкаларының бурынғы дәрежеде сақлап қалынған жағдайда компания, демек, оның тийкарғы акционерлери болған мәмлекет те 2018-жылдың ақырында үлкен зыян көргенин, бул келешекте әпиўайы салық төлеўшилерге, олар автомобиль сатып алмаса да аўыр жүк болып түсежақ болғанын атап өтиў керек.

Қәўипсизликти ҳәм ықшамлықты арттырыў мақсетинде жақын келешекте автомобильлер қарыйдардың қәлеўине бола қосымша рәўиште жөнелистиң турақлылығы ҳәм артқы салонды самаллатыў, орынлықлар ҳәм алдынғы айнаны ысытыў ҳәм басқа да жаңа система менен пүтинленеди.

2018-жыл 1-август күнине шекем дүзилген ҳәм физикалық шахслар тәрепинен аванс пулының кеминде 85 проценти ҳәм юридикалық шахслар тәрепинен 100 проценти төленген шәртнамалар бойынша автомобильлерди жеткерип бериў шәртнамаларында көрсетилген баҳаларда ҳәм мүддетлерде әмелге асырылатуғынын қосымша түрде мәлим етемиз.

«Өзавтосанаат» акционерлик жәмийети қабыл етилген қарар және елимиз автомобиль қурылысы санааты ушын жоқары жуўапкершиликти сезген ҳалда тармақлық кәрханалардың жумыс нәтийжелилигин, автомобильлерди сатыў механизмлериниң ашық-айдынлығын арттырыў, модельлер қатарын кеңейтиў ҳәм локализациялаўды тереңлестириў, жаңа шериклер ҳәм потенциаллы инвесторларды тартыў бойынша кең көлемли жумысларды алып бармақта.

 

ӨзА