Мен еки әсирди көриў бахты несип еткен адамлардан биримен. Бердақ бабамнан мийрас қалған «жаманнан қаш, жақсыға жантас» ўәсиятына садықлық қарақалпақ халқының әзелий тәғдири ҳәм турмыслық өлшеми.

«Жақын өтмиште қурғақ ўәделерге ерип, дерлик жетпис бес жыл жүргенбиз… Неге жуўырып баратырғанымызды, қай жаққа баратырғанымызды ҳеш ким билмейтуғын еди. Биз ерген «көсемлер» диң ўәдеси-«айдын келешек» Үстирттегидей сағымға уқсайтуғын еди. Қуўасыз, жете алмайсыз. «Айдын келешек» ке қарай сапарға шықсаң, кешқурын үйиңизге қайтып келиў нагүман. Автобуслар тоқтап қалған, таксилер болса ушығаның қыйқымындай таптырмайтуғын еди. Әпиўайы адамлар жеке меншик машиналардан үмит етпейтуғын еди, машиналарды парткомға жақын қоймахана басшылары минетуғын еди…» десем, он ақлығымның биреўи де исенбейди. Қалай исенсин, ақыры, олар тасып ағып, Аралын толтырып турған дәрья көрмей, ески китаплардан ажыралып ержеткен әўладымыз қатарына киреди-дә. Олар жолға шығаман десе, такси үйден алып кетип, алып келеди. Қәлесе, тек ғана Мойнаққа емес, Ташкент ҳәм оннан да арыға жеткерип қояды. Көшемиздеги еки үйдиң бириниң есигинде машина тур…

Биринши Президентимиздиң мәртлиги ҳәм күш-жигери менен азатлыққа еристик, ғәрезсизлик тырнағын қаладық, жәҳәнге бет бурып, теңлер арасында тең ел сыпатында тән алындық.

Ғәрезсизлигимиздиң шарапаты менен жағасынан шегинген теңизден жоғалтқан несийбемизди жер астынан таптық: Үстирт ҳәм Аралқумды қазып, нефть-газ шығардық, ҳәзир дүньяның мине мен деген санаат кәрханаларынан қалыспайтуғын Қоңырат сода заводы, Үстирт газ-химия комплекси ислеп тур.

Жаратқанымыз бизге Шығыс ҳәм Батыс тутасқан жерден әжайып бир мәканды Ўатан етип берген екен, оның қәдирине жетип, арзыў-нийетлеримизди жүзеге шығарыўға бел байладық. Қараң, раўажланған мәмлекетлер өзлериниң бүгинги абадан турмыс тәризине неше әсирлер мийнет етип ерискен болса, биз дерлик шерек әсирде олардың ерискен шеклерине жақынласып атырмыз. Ҳәр қыйлы ўазыйпаларды ҳәп заматта орынлайтуғын ең заманагөй қол телефонларынан, компьютерлерден баслап, узағымызды жақын ететуғын автомобильлерге шекем өзимиз ислеп шығарып атырмыз…

Тәғдир жазмышы-Биринши Президентимиз қайтыс болғанында, енди не ислеймиз, деп қайғырған едик. Қудай берип, өзимиздиң арамыздан шыққан ғайратлы бир жигитти сайлап алдық. Дана халқымыздың таңлаўына қараң, жаңа Елбасшымыз халықтың дәрти менен жасап, оның дәртин мойнына алмақта.

Бурын жоқарыдан Нөкиске «үлкенлер» келетуғын болса, биз жол ҳәрекетлерин тоқтатып, ҳәптелеп шембилик өткерип, көшелерди, дөгеректи сыпырып тазалайтуғын едик. Қарасақ, жаңа Елбасшымыз өзиниң аўылына келгендей, ҳәттеки, үйлерге кирип, нан-дуз татып жүр. Оның келип-кеткенин кешқурын телевизордан көрип атырмыз.

Президентимиз тиккелей Хожелиге барып, жергиликли жуўапкер адамлардың алдын таярлап, көз-көз ететуғын орынларына бармай, райондағы емлеўхана, ҳаял-қызлардың Мүриўбет үйи, мектеп пенен аўыллық шыпакерлик пунктлерине кирип, көшеде жүрген адамлар менен көрисип, олардың дәртин тыңлап атыр. Бар машқалаларға өзиниң пикир-усынысларын ашық-айдын айтып, адамларға «Енди бурынғыдай жасап болмайды, ояныў керек!» демекте.

***

Елбасшымыз: «Буннан былай ҳәр бир район ҳәм қалаға, керек болса шеттеги аўылларға шекем кирип барамыз. Ол жерде жасап атырған адамлардың дәртин тыңлаймыз, машқалаларын шешиўге қаратылған бағдарламалар ислеп шығамыз ҳәм орынланыўын қатаң қадағалаўға аламыз» деген еди.

Нәтийжесин телевизордан көриң. Өзи хан, көлеңкеси майдан, айырым үлкен-киши тәкаббир басшылар шетлетилип, жаңалары жаңа усылда ислемекте. Кеше адамлар басшылардың қабыллаўына кире алмай жүрген болса, бүгин олар Халық қабыллаўханаларында енди қайсы жуўапкер адам менен ушырассам, машқала тезирек шешиледи, деп бас қатырмақта. Дәрт пенен даўа, ўәде менен оны орынлаў арасындағы аралық кескин қысқарып, айтылған сөз атылған оқ түриндеги ҳақыйқаттың жалғаннан үстинлигинен инсанның жақсы жасаў тилеги ҳәм ҳуқықы тикленбекте.

Президентимиз Қоңыратта: «Биринши орында суў, ишимлик суўы турыўы керек. Биз Мойнаққа таза ишимлик суўын жедел жеткериўимиз шәрт!» деди. Арадан бес ай өтер-өтпестен, Мойнаққа адамлар таза суўдан пайдаланып, фонтанда суў байрамын өткерди.

Раўажланған мәмлекетлердиң қан тамыры – электр энергия менен коммуникация болып есапланады. Аўылларында ток тез-тез өшип қала беретуғын Қарақалпақстанның санаат-қурылыс тармақларының жедел раўажланыўы жаңа электр энергия қуўатлықларын талап етеди. Бул машқаланың шешимин Елбасшымыз қолға алды.

Нәтийжеде Нөкисте трансформатор, фотоэлектростанция детальлары, автоматикалық электр есаплағышлар ислеп шығарыў режелестирилген завод, жанында болса жылына 8 мың тонна полиэтилен труба ҳәм қадақлаў өнимлерин ислеп шығаратуғын «Полимер» кәрханасы ғәрезсизлигимиз қарсаңында иске түсиўи нәзерде тутылған. «Тақыятас ыссылық электр станциясы»на қосымша 230-250 МВт қуўатлылығына ийе еки пуў-газ қурылмасын қурыў тийкарында модернизациялаў жумыслары әмелге асырылмақта.

Жақын арада «Жамансай» кәнинде қытайлы шериклер менен баҳасы 19,8 миллион АҚШ долларына тең «Қарақалпақцемент» кәрханасы иске түсириледи. Енди бул өнимди узақ-узақлардан тасыўға тыйым салынады.

Фермерлер менен ушырасыўда суўдың жетиспеўшилиги бул аймақтың аўыл хожалығы системасын қайта көрип шығыў зәрүрлиги ҳәм аз дәраматлы пахта егислик майданларын бағ, овощ жетистириў менен алмастырыў бүгинги күнниң талабы екенлиги айтылған еди. Есап-санақ исленип, быйылғы жылдың өзинде Қарақалпақстанда 1400 гектар пахта майданы қысқартылып, орнына басқа егинлерди егиў режелестирилди. Ең әҳмийетлиси, Аралға диагноз қойылды. Дәртин тапсаңыз, даўасы аңсат. Соның ишинде, Нөкис районында пахта егининен босаған 360 гектар жер от-жем егинлери менен алмастырылады.

Хош, фермер ҳәм дийқан суўды үнемлеўден өзине және қандай пайда көреди!

Нөкис районындағы фермер Бийсенбай Мадреймовтың «Парахат-Гаўҳар» фермер хожалығының быйылғы режели есап-санағына итибар берейик:

Оның пахтадан қысқартылған 16 гектар жери орнына 3 гектарға овощ, 3 гектар палыз, 3 гектар картошка, 1 гектарға интенсив бағ,  2 гектардан жүзим, от-жем, майлы егинлер егиў мөлшерленди. Жәми 51,9 миллион сум қәрежет жумсалып, 81,3 миллион сум дәрамат алыўды гөзлемекте. Сап пайда 29,4 миллион сум болады, рентабельлик болса 56,7 процентти қурайды.

Салыстырыў мүмкин: 2016-жылы 1 гектар пахта майданынан фермердиң алған дәраматы 3. 024,0 мың сум болған.

2017-жылы пахтаны алмастырған егинлердиң ҳәр гектарынан мөлшерде алынатуғын орташа дәрамат 5. 080,0 мың сумды қурайды. Жаңадан 4 жумыс орны ашылады.

– Суўдың жетиспеўшилигинен жәбир көрип атырған регионымызда мийўе-овощ, жүзим, гөш, сүт өнимлерин жетистириў ҳәм қайта ислеў ушын үлкен шийки зат резервлери бар, – дейди Өзбекистан Қаҳарманы, Қарақалпақстан Республикасы Фермерлер кеңесиниң баслығы Сәрсенбай Сейтназаров. – Сол мақсетте Шоманай, Қоңырат, Кегейли, Қараөзек, Нөкис районлары менен пайтахттың өзинде гөш ҳәм сүт өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм қайта ислеў, Әмиўдәрья районында мийўе-овощ жетистириўди раўажландырыў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Шөжени гүзде санайды, дейди. Ертең гүзде санап көремиз.

Бурын Қарақалпақстанда тери өнимлери санаат тийкарында қайта исленбеген. Олар арзан баҳада шетке жиберилетуғын еди. «Етигиң тар болса, дүньяның кеңлигинен не пайда!» деген сөз бар қарақалпақларда. Тар етикти кең жамаў менен аяғымыздан түсип қалғанша оңлап кийетуғын едик. Балаларға етиклериңди үкелериңе жыртпай берсең, тазасын алып беремиз, деп өзимиздиң теримизден тигилген етикти өзимиз он есе қымбатына сатып алатуғын едик.

Бүгин Нөкис қаласында жылына 27 миллион кв.дм терини қайта ислейтуғын «Ориент технолоджи», Әмиўдәрья районында 10 мың жуп аяқ кийим ислеп шығаратуғын «Бойовул пойабзали» кәрханаларының иске түсирилгени өзимизди-өзимиз арзан аяқ кийим менен тәмийинлеў имканиятын жақынластырмақта.

Қарақалпақ әдебияты ҳәм көркем өнерине итибар төменлеп, жазыўшылар «өзиң жаз, өзиң бас, өзиң сат, өзиң оқы» түринде дөретиўшилик етиўге өтип, жаслардың ана тилинде китап оқыў имканияты азайып кеткен еди. Президентимиздиң қарарларына итибар берсеңиз, қарақалпақ мәденияты ҳәм көркем өнерине айрықша дыққат берилмекте.

Нөкисте Ибрайым Юсупов атындағы талантлы балалар мектеби қурылып, онда китапхана менен баспахананың ашылыўына жақын күнлер қалды.

– Ибрайым аға Юсупов қарақалпақ халқының ардақлы перзенти, ХХ әсир Бердағы десе болатуғын тулға еди, – дейди филология илимлериниң докторы, профессор Сарыгул Баҳадырова. – Уллы шайырға болған үлкен ҳүрмет-иззет нәтийжесин Ибрайым аға атындағы талантлы балалар мектебиниң шөлкемлестирилиўи деп билемен. Мен Президентимиздиң мәмлекетшилигимизди белгилеўдеги ҳәр бир қәдемин қанаатланыўшылық пенен бақлап бараман. Оның илимге итибары себепли, Академиямыз қайта тикленип, илимпазлар менен жазыўшыларға жақсы шараятлар жаратылмақта.

Шынында да Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, Өзбекистан Қаҳарманы Ибрайым аға Юсупов қарақалпақ ҳәм өзбек әдебиятларының раўажланыўына үлкен үлес қосқан жазыўшы болып есапланады.

ТашГУ десем, дәрҳал түседи еске,

Мениң жигит ўақтым, сениң қыз ўақтың…

деген қатарларды қосық етип айтып, қаншама жигит-қызлар бахтын таппады дейсиз! Оның шығармалары Ўатанға муҳаббат, ата-анаға ҳүрмет, елине пидайылық идеялары менен суўғарылған.

Былайынша қарасаңыз, илимпаздың тәжирийбеси менен жазыўшының мийнети көзге көринбейтуғындай болып түйиледи, лекин олардың тийкарында прогрессти раўажландырыў менен инсан қәлбиниң гилтлери тур.

***

Ташкентте  үш-төрт ай ислеп, Нөкиске қайтсам, ана қаламды танымай қалып атырман. Пайтахтымызға енди дүньяға келген нәрестедей сулыў шырай енбекте, оны тап ақлымларымдай қушақлап, сүйгим келеди…Бир қарасам, қаланы қақ жарып ағып атырған каналда заманагөй қайық жүзип жүр. Қайық жаслар менен толы, саз-сәўбет сеслери жағаларға урылып қайтады. Тап келин-күйеўлердиң тойларына жаслар қайықта киятырғандай. Есиме Мойнақтағы марҳум Табынбай ағамның жаслық пайытлары кемпирин Үргеден Қызылжарға қайықта «алып қашқаны» түсти…

Ҳәзирги «Каптива», «Малибу», «Ласетти», «Нексия»лардың жоқ пайытларында Қоңырат, Мойнақтағы келин-күйеўлердиң тойына қайықта барған, дегениме ақлықларымның хеш биреўи де исенбейди. Қашанға шекем өтирик сөйлей бересиз, дейди олар, тап «Нексия»лар менен қосылып туўылғандай. «Нексия» дегениниң тийкарғы мәниси не деп, сөздиң мәнисин жақсы аңлайтуғын шайыр иним Ҳайтбой Абдусодиққа китап аштырып көрсем, «Нексия» дегени «Бахыт»ты аңлатады екен…Бүгин Нөкистиң қақ ортасындағы каналда қайық пенен толып аққан дәрья, толып турған теңиз көрмеген ақлықларым менен жағадағы фонтанлардың арасында жүзип жүрсек, бизден басқа ким бахытлы, өзи!!

Жаңалықлардың санап санына жетиў қыйын.

Күни кеше азанда Тақыятас нураныйларының баслығы, шайыр жорам Жолдасбай Нурыллаев қоңыраў етип, нураныйлардың мүрәжаты менен қаламыз өз алдына Тақыятас районы статусында қайта тикленди, келмейсизбе, бирге байрамлайтуғын едик, деп қалды. Қарақалпақлар суўдың жетиспеўшилиги шараятында да Ибрайым аға жазғанындай, бири-бириниң кеўлинен суў ишип жасай берген. Кеўил булақлары болса пәк және шексиз болып табылады…

Мен достымның қуўанышынан бийхабар «теңиз қурыды, енди не болады» деп зарланғанлардың бири сыпатында, елеге шекем, теңиздиң дәрти менен жасап атырған едим. Қыялымда саҳраны гезип, Аралға Үстирт тәрептен Ақтумсыққа шықтым. Бул жерде теңиздиң шегинген аралығы ярым шақырым, көк теңиз еле шексиз. Қәнигелердиң атап өтиўинше, Арал теңизиниң шорлылығы дүньяға белгили туризм ҳәм емлениў орайларының бири Жақын Шығыстағы Өли теңизге теңлесип қалыпты. Аралда да шомылсаңыз қалқыйсыз, сүңгисеңиз батпайсыз, демек, Президентимиздиң Арал машқаласына байланыслы қарарлары тийкарында неге «Ақтумсық» халықаралық емлениў туризми зонасын шөлкемлестирмеймиз!

Бүгин Арал бойында үмитлер оянып, әрманлар таңы атпақта. Ҳадал мийнет ететуғын, исбилерменлик алдындағы барлық тосқынлықлар алып тасланғанына қуўанған адамлар жең түрип жумысқа кириспекте.

Бердақ бабамыз айтқанындай:

Талап етип, тап дүньяны,

Палдан шийрин, билсең аны…

Қарақалпақлар ата-бабаларының руўхларына садық адамлар. Кеўлин тапсаң, таўды талқан етеди, тамшыдан теңиз жаратады…

Оразбай АБДУРАҲМАНОВ,

Қарақалпақстан халық жазыўшысы.

ӨзА