Елимиз байрам қушағында. Санаўлы күнлерден соң ең уллы ҳәм ең әзиз байрамымыз болған ғәрезсизлик байрамын жоқары көтериңкилик руўхта белгилеймиз.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма жети жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарары тийкарында республикамыздын барлық орынларында байрамға арналған илажлар баслап жиберилди.

Атап айтқанда, пайтахтымыздағы Ашық театрда «Әзиз ҳәм жалғызымсаң, жанажан Өзбекстаным!» сүрени астында өткерилетуғын театрластырылған әдебий музыкалы-хореографиялық байрам салтанатына таярлық жумыслары қызғын алып барылмақта.

Байрам тамашаларында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен артистлердиң атқарыўында «Хош келдиңиз, қарақалпақ елине» «Өзбекстан», «Азат ҳәм абат журтым», «Ана топырағым», «Қарақалпақта» ҳәм басқа да қосықлар менен аяқ ойынлар атқарылады.

Елимизде балалардың бахытлы келешеги ушын барлық шараятлар жаратылмақта. Байрам бағдарламасынан орын алған «Бахытлы балалық» композициясында «Ғәрезсизлик», «Ўатан» ҳаққындағы қосықларды пайтахтымыздағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери оқыўшыларының атқарыўында рәңбәрең аяқ ойынлар, балалық, шоқлық ҳәрекетлери менен көрсетилген байрам тамашасы көрсетиледи.

Сондай-ақ, байрам тамашасында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры актёрларының атқарыўында тарийхый тулғалар: Аль Беруний, Аль Хорезмий, Ибн Сина, Әмир Темур, Әлийшер Наўайы, Бердақ, Әжинияз образында актёрлар шығып, монолог ҳәм қосықлар атқарылады.

Байрам бағдарламасынан спорттың гүрес, гимнастика, футбол, волейбол, каратэ, таэквандо ҳәм тағы басқа спорт түрлери менен шуғылланатуғын  жаслардың шынығыўлары орын алған.

Республикамызда түрли миллет ўәкиллери беккем аўызбиршиликте жасап келмекте. Байрам бағдарламасында корейс, қазақ, рус, түркмен халықларының миллий қосық ҳәм аяқ ойынлары шеберлик пенен атқарылады.

Солай етип, байрам тамашасында республикамыздың көркем өнер шеберлери ҳәм эстрада жулдызлары, сондай-ақ, Ташкент қаласынан келетуғын Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артистлери, Өзбекстанға хызмет көрсеткен артистлердиң атқарыўындағы қосықлар менен аяқ ойынлардың атқарылыўы  күтилмекте.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы