XVIII Азия ойынларында Өзбекстанның спорт делегациясы қурамында Қарақалпақстанның 7 спортшысы спорттың аўыр атлетика, дзюдо, еркин гүрес, академиялық ескек есиў сыяқлы түрлеринен қатнасып атырғаны ҳаққында хабар берген едик.

Усы үмитли спортшылардың қатарында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының дене мәденияты факультетин быйылғы жылы табыслы тамамлаған белгили спортшы Рустам Джангабаев ҳәм усы факультет студенти Набира Есенбаева да бар екенлиги институт жәмәәтиниң жетискенлиги болып табылады.

Рустам Джангабаев спорттың аўыр атлетика, ал Набира Есенбаева болса еркин гүрес түри бойынша жарысларда қатнаспақта. Олардың жарыстағы нәтийжелери ҳаққында мағлыўматлар берип барамыз.

Еслетип өтемиз, быйылғы жылғы Азия ойынлары 18-август – 2-сентябрь аралығында Индонезияның Джакарта ҳәм Палембанг қалаларында болып өтеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.