7-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы  И.В.Савицкий атындағы Мәмлекетлик көркем өнер музейинде Қарақалпақстан халық художниги Б.Серекеевтың  75 жыллық юбилейине арналған  «Ўатанды жырлап» атамасындағы жеке көргизбеси өткерилиўи режежестирилмекте.

Илаж даўамында қатнасыўшылар художниктиң «Бағда», «Еслеў», «Сазенде», «Қызлар үйге кир» ҳәм басқа да композициларындағы пейзаж, портрет, натюрморт жанрларындағы жемисли мийнетлерин тамашалаўы мүмкин.

Буннан басқа да художниктиң үлкемиздиң гөззал тәбиятын, кең дала, жайнаған гүллери менен ырғатылған тереклерин үйлесимли реңлерде шеберлик пенен сәўлелендиреди. Сондай-ақ, оның әпиўайы турмыс тәризин халық әмелий көркем өнери арқалы сәўлелендирген «Әке менен перзент», «Художник шаңарағы», «Бахыт қусы», «Сахрадағы өмир» дөретпелери менен жақыннан танысыўыңызға болады. Б.Серекеевтың дөретиўшилигиниң кейинги жылларында суў қабаққа сүўрет салыў өнери менен шуғылланғанының да гүўасы боласыз.

Қулласы, «мың мәрте еситкеннен, бир мәрте көрген абзал» дегениндей көргизбени барып тамашалаўға мирәт етемиз.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы