Тынышлық, ғәрезсизлик, раўажланыў. Бул уллы түсиниклер бир-бири менен мудамы жақын. Неге дегенде, әйне усы жемислер ел-журт абаданлығын, оның келешегин ҳәм раўажланыў басқышларын белгилеп береди. Өзбекистан ерискен ҳәм ерисип атырған шексиз табыслар, үлкен реформалар, жаңаланыўлар, дөретиўшилик жумыслар, халқымыздың абадан турмысы, тыныш өмиримиз, камалға келип атырған бәркамал әўлад – мине усы уллы жемислерди инам еткен ғәрезсизлик ушын қаншадан-қанша ата-бабаларымыз гүрескен, шейит кеткен. Бул жолда жанын пидә еткен бабаларымызды Ғәрезсизлик байрамы күнлеринде және бир мәрте еслеў, олардың мүбәрек руўхларын шад етиў бәршемиздиң инсаныйлық парызымыз.

Биринши Президентимиз Ислам Кәримовтың басламасы менен пайтахтымыздың Бозсуў каналы жағасында қурылған «Шейитлер естелиги» естелик комплекси халқымыздың азатлығы жолында қурбан болған, жанын пидә еткен ўатанласларымыз естелигине көрсетилген үлкен ҳүрметтиң айқын көриниси. Бүгин бул естелик комплексинен зыяратшылардың қәдеми үзилмейди. Бул орын тек шейитлерди еслеўди аңлатып ғана қоймай, ал, бүгинги әўладты теберик Ўатанымызды, ғәрезсизликти көздиң қарашығындай қәстерлеп сақлаўға шақырады.

… 31-август. Ерте азан. Репрессия қурбанларын еслеўге бағышлап қурылған символлық қәбир үстиндеги айўан гүмбези бойлап қуяш нурлары жилўаланады. Тыныш атып атырған таңды көрип кеўиллерде шүкирлик, бул азат ҳәм абат журт тәғдирине жуўапкершилик сезими толып тасады.

Репрессия қурбанлары күни мүнәсибети менен бул қыябанда халқымыздың азатлығы ҳәм елимиздиң ғәрезсизлиги жолында қурбан болған марҳумларды еске алыў мәресими өткерилди.

Мәресимде Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қатнасты.

Дәстүрге бола ас тартылды. Қуран оқылып, репрессия қурбанларының руўхына ҳүрмет көрсетилди.

Президентимиз Өзбекистан мусылманлары басқармасы басшылары, уламалар, мәҳәлле белсендилери ҳәм зыялылар менен сәўбетлести.

Мине усындай жарқын күнлерди әрман еткен, бул жолда жанын да аямаған ата-бабаларымыз естелигин яд етиў арқалы қәлбимиз нурға толады, руўхымыз тетиклеседи, деди мәмлекетимиз басшысы. Қайыр-сақаўатлылық деп аталған қүдиретли күштиң мәңгилигине, әдалат салтанатына және бир мәрте исенемиз. Ғәрезсизлик жылларында қолға киргизип атырған табысларымыз, әмелге асырып атырған үлкен ислеримиз бенен мақтанамыз. Олар бир өмир әрман еткен, бүгинги әўладқа несип еткен ғәрезсизлик, еркин ҳәм абадан турмыстың әҳмийетин және де тереңирек аңлаймыз.

Ғәрезсизлик себепли елимизде тарийхқа мүнәсибет түп-тийкарынан өзгерди. Узақ жыллар даўамында аяқ асты етип келинген миллий қәдириятларымызды, уллы бабаларымыз исмин қайта тиклеў, естелигин ҳүрметлеў, Ўатан ҳәм халық азатлығы жолында жанын пида еткен мыңлаған инсанлардың руўхын шад етиў бойынша үлкен жумыслар исленбекте.

Инсаннан оның ислеген қайырлы әмеллери, ислери қалады. Буған XX әсирдиң басында жасап өткен Беҳбудий, Мунаввар қоры, Фитрат, Шолпан, Қадирий, Боту, Элбек, Усман Насыр сыяқлы көплеген ағартыўшылардың гүреслерге толы өмири айқын мысал болып табылады. Олардың елди азат көриў әрманы, бул жолда әмелге асырған қайырлы ислери ғәрезсизлик себепли жүзеге шықты. Бүгин азат ҳәм абат елимизде ҳеш кимнен кем болмаған, ҳәр тәреплеме бәркамал әўлад камалға келмекте.

Елимиздеги көплеген тарийхый естеликлердиң қайта тиклениўи, зыярат орынларының абат болыўы елимиздиң Биринши Президентиниң исми ҳәм хызметлери менен тығыз байланыслы. Атап айтқанда, Биринши Президентимиздиң 2001-жыл 1-майдағы «Репрессия қурбанларын еслеў күнин белгилеў ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында «Шейитлер естелиги» естелик комплексинде «Репрессия қурбанлары естелиги» музейи қурылды.

Музей 2002-жыл 31-август күни — мәмлекетте туңғыш мәрте белгиленген Репрессия қурбанларын еслеў күнинде салтанатлы түрде ашылды.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев музей экспонатлары менен танысты.

Ата-бабаларымыздың Ўатанымыздың тынышлығы ҳәм азатлығы жолындағы гүреси бүгинги күн жаслары ушын ибрат мектеби болып табылады, деди мәмлекетимиз басшысы. Ҳәр бир ўәлаятта Репрессия қурбанлары естелиги музейиниң филиалларын шөлкемлестириўимиз керек. Олар университет ҳәм институтлар жанында шөлкемлестирилсе, әйне мақсетке муўапық болады. Репрессия қурбанлары естелиги бойынша мектеп сабақлықларында арнаўлы бағдарлама тийкарында оқытыў системасын да ислеп шығыў зәрүр.

Шавкат Мирзиёев музей жанынан ағып өтетуғын Бозсуў каналы әтирапын және де абаданластырыў бойынша жуўапкер хызметкерлерге көрсетпелер берди.

Бул жердеги орталық дөретиўшилер ушын илҳам дереги болып табылады. Соның ушын Бозсуў каналы әтирапында түрли илажлар — мақам кешелерин, жаслар, нураныйлар ҳәм зыялылардың ушырасыўларын шөлкемлестириў мақсетке муўапық, деди Президентимиз.

Өзлигин аңламаған, түпкиликли турмыслық ҳақыйқатлардың мазмун-мәнисин түсинип жетпеген халықтың келешеги жоқ. Ғәрезсизлик жылларында қолға киргизилип атырған табыслар, әмелге асырылып атырған үлкен ислер негизинде ел-журт мәпи, Ўатанның раўажланыўы жәмленген.

Елимиздиң ҳәр бир пуқарасы жылдан-жылға ғәрезсизликти беккемлеўдей жуўапкершиликли процесстиң саналы ҳәм белсенди қатнасыўшысына айланбақта. Ата-бабаларымыздың естелигин шад етип, елимиз тынышлығын ҳәм абаданлығын тәмийинлеўди өзиниң ўазыйпасы деп билген, Ўатан тәғдирине жуўапкершилик сезими менен жасап атырған халқымыз гөзлеген мәнзиллер, әлбетте, нурлы болып табылады. Солай екен, ғәрезсизлигимиз мәңги болып есапланады.

Абу Бакир ЎРОЗОВ,

ӨзА хабаршысы.