Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында сырт еллердиң жоқары оқыў орынлары менен турақлы ҳәм тығыз байланыслар орнатылған. Әсиресе, институт профессор-оқытыўшыларының халықаралық көлемде абыройлы есапланған жоқары оқыў орынларына қәнигелигин жетилистириў ҳәм тәжирийбе алмасыў мақсетинде көплеген бағдарламалар әмелге асырылмақта.

2018-2019-оқыў жылынан баслап Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Қазақстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясындағы бирнеше жоқары оқыў орынлары менен студентлерди өз ара алмасыў – «Exchange» усылы арқалы билим ҳәм көнликпелерин арттырыў жолға қойылады.

Мағылўмат ушын, бул усыл Қарақалпақстан Республикасы шараятында билимлендириў тараўында тек ғана профессор-оқытыўшылардың алмасып жумыс ислеўи жолға қойылған еди. Енди студентлер де бундай имканиятқа ийе болады. Бул биринши мәрте Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында әмелге асырылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.