Бас министр орынбасары Азиз Абдуҳакмиовтың Фейсбук тармағындағы бетинде тест сынақларының биринши ҳәптеси – 1-7-август күнлерине байланыслы көрсеткишлер сәўлеленген кесте жәрияланды. Бул ҳаққында Daryo.uz хабар бермекте.

Мағлыўматларға қарағанда, 1-7-август күнлери даўамында 405 736 абитуриент тест сынақларын тапсырған. Соның менен бирге, 11 927 абитуриент ҳәр қыйлы себеплерге байланыслы имтиханларға келмеген, 887 абитуриент болса нызам бузыўшылықларға жол қойғаны ушын имтиханлардан шетлетилген.

 

 

Мағлыўмат ушын, быйыл жоқары оқыў орынларына кириў ушын 675 049 абитуриент ҳүжжет тапсырған еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги