Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде балалардың өмири ҳәм денсаўлығын қорғаўды шөлкемлестириў тәртиби ҳаққындағы режеге киргизилген өзгерис Әдиллик министрлигинде мәмлекетлик дизимге алынды.

«Ҳуқуқий ахборот» каналының хабар бериўинше, өзгерис тийкарында тәрбияланыўшыны бақшаға алып келиўи ҳәм алып кетиўи мүмкин болған адамлардың қатары кеңейтилди.

Алдынғы тәртипке муўапық, тәрбияланыўшының ата-анасы ҳәм оның орнын басатуғын шахслар ғана баланы бақшаға алып келип, оннан алып кетиў ҳуқықына ийе еди.

Олардың қатарына енди олар менен бир қатарда ата-ананың ержеткен перзентлери, баланың атасы, кемпир апасы ямаса ата-ана тәрепинен белгиленген тәртипте рәсмийлестирилген ўәкил де киргизилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.