Турмыслық шығындылар менен байланыслы мүрәжатларды қабыл етиўши @Uzwastebot системасы иске қосылды.

Республикалық Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетинде шөлкемлестирилген конференцияда Информациялық-коммуникациялық технологияларды раўажландырыў секторы баслығы Руслан Якубов жаңа система ҳаққында толық мағлыўмат берди:

– Енди пуқараларымыз турмыслық шығындылар менен байланыслы шағымларды Телеграм мессенджеринде жумыс алып барып атырған @Uzwastebot системасына фото, аудио, видео көринисиндеги хабарларды 24 саат даўамында жоллаўы мүмкин. Бул мүрәжатлар бирден-бир системаға келип түседи ҳәм шешиў илажлары көриледи. Системаның абзаллықлары: пуқаралар ҳәм мәмлекет арасындағы қатнасықларда әшкаралықты тәмийинлейди ҳәм жәмийетшилик қадағалаўын орнатады.

Интернет тармағы болмаған шетки аймақларда жасайтуғын халық ушын да қолайлықлар жаратылған. Олар комитеттиң (071) 236-26-66 исемин телефонына қоңыраў етиўи мүмкин. Сондай-ақ, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетиниң рәсмий веб-сайты – my.nature.uz сайтында бирнеше жаңа функциялар пайда болды. Олардың бири республикадаға барлық шығындыханалардың орналасыўы ҳаққындағы электрон мағлыўматлар базасы қәлиплестирилди. Карта арқалы жасап атырған аймағыңызда қанша шығындыхана шақапшасы бар екенлигин билип алыўыңыз мүмкин, – деп жазады оның сөзлеринен үзинди келтирип Kun.uz.

Илаж даўамында және бирнеше тараўға байланыслы жаңалықлар, статистикалар көрсетип өтилди. Соның ишинде, 2019-жылдан баслап биологиялық ериўшең пакетлер ислеп шығарыў жолға қойылады. Бунда Қубла Кореяның «Poscodaewoo» компаниясы ҳәм полиэтилен пакетлер ислеп шығарыўшы жергиликли кәрханалар арасында шәртнама дүзиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўысы.