Пайтахтымыздағы Жаслар орайында Қарақалпақстан Республикасы «Таза аймақ» мәмлекетлик унитар кәрханасының районлық филиалларына арнаўлы хызмет автомашиналары тапсырыў салтанаты болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң секретариат баслығы М.Аметов, Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик комитетиниң бас қәнигеси Ж.Уктамов, Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң баслығы Т.Хожаназаров, Қарақалпақстан Республикасы «Таза аймақ» мәмлекетлик унитар кәрханасының директоры О.Генжебаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў және раўажландырыў, мүнәсип жасаў шараятларын жаратыў, республикада санитариялық ҳәм экологиялық жағдайды жақсылаў, халықтың турмыс дәрежеси менен сапасын буннан былай да арттырыў бағдарында әмелге асырылп атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 21-апрельдеги «2017-2021-жылларда турмыслық шығынлар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары бул бағдардағы жумысларды жетилистириўде айрықша әҳмийетке ийе болды. Усы қарар тийкарында бурынғы абаданластырыў басқармасынан жәми 90, соның ишинде  58 шығынды тасыўшы арнаўлы техника, 15 дана самосвал, 15 дана бульдозер, 2 дана жүклеўши трактор, 28 полигон, 833 шығындыларды жыйнаў майданшасы, 664 дана контейнер, 13 дана автотәрезилер жаңадан шөлкемлестирилген «Таза аймақ» мәмлекетлик унитар кәрханасының балансына өткерилип берилди.

Халыққа ҳәм юридикалық абонентлерге қолайлық жаратыў, оларға көрсетилип атырған хызметлер ушын төлемлердиң анықлығын тәмийинлеў мақсетинде «FURROR PROGRESS» жуўапкершилиги шекленген жәмийети менен дүзилген шәртнама тийкарында ҳәр бир филиалда абонентлердиң электрон базасы (Биллинг системасы) жаратылды. Республикамыздағы алты банк пенен шәртнама дүзилип,  «Минус» төлеми енгизилди.

Жәми 319 адам мийнет етип атырған кәрхананың финанс жағдайын жақсылаў, жумысшыларға қолайлы шараятлар жаратып бериў, көрсетилип атырған хызметтиң сапасын жақсылаў бағдарында айтарлықтай илажлар көрилмекте.  Өткен жылы барлық районлардағы полигонларды тәртипке келтириў мақсетинде 5 миллиард 539,7 миллион сумлық  қурылыс жумыслары режелестирилген болса, соннан жыл ақырына шекем биринши этабының қурылыс жумыслары толық питкерилди. Екинши этапы болса, елимиз ғәрезсизлигиниң 27 жыллығы байрамы қарсаңында питкериледи. Соның менен бирге, районлық филиалларда баҳасы 500 миллион сум болған 20 дана шығынды жыйнаў майданшасының қурылыс жумыслары питкерилип, пайдаланыўға тапсырылды.

-Бүгинги күни 4590 шаңараққа, 190 мәкемеге шәртнама тийкарында хызмет көрсетип киятырмыз,-дейди Қарақалпақстан Республикасы «Таза аймақ» мәмлекетлик унитар кәрханасы Елликқала районлық филиалының баслығы Бунёд Рахманов.-Быйылғы жылдың өткен алты айы даўамында 190 миллион сумлық хызмет көрсетилди. Жаңадан берилип атырған еки дана техника хызмет көрсетиў шеңберин кеңейтиўге, оның сапасының буннан да жақсыланыўына хызмет етеди.

Илаж соңында районлық филиалларға жаңадан алып келинген арнаўлы хызмет автомашиналарының гилтлери салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Даўыт АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы