Ҳүрметли конференция қатнасыўшылары!

Қәдирли дослар!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Бәринен бурын, сиз әзизлерди-дүньяның алыс ҳәм жақын ҳәр қыйлы материклери менен регионларынан елимизге келген ҳүрметли мийманларымызды бүгинги әдебий әнжуманның ашылыўы менен шын қәлбимнен қутлықлайман.

Сизлердиң усы абырайлы халықаралық конференциядағы қатнасыўыңызды биз биринши гезекте өзбек халқына, оның әййемги ҳәм бай мәнаўий мийрасына, заманагөй әдебиятына болған терең ҳүрмет ҳәм итибардың әмелий белгиси сыпатында қабыл етемиз.

Биз сизлердиң ҳәр бириңизди өзбек әдебияты ҳәм мәдениятының шебер билимданы ҳәм жанкүйер үгит-нәсиятлаўшысы, Өзбекстанның ҳақыйқый досты, мәнаўият тараўындағы исенимли шеригимиз деп билемиз ҳәм сизлердиң уллы мәртебели жумысыңызды жоқары баҳалаймыз.

Пурсаттан пайдаланып, миллий әдебиятымызды өз елиңизде ҳәм халықаралық майданда бийғәрез үгит-нәсиятлап киятырғаныңыз ушын бәршеңизге қызғын миннетдаршылық билдириўди өзимниң мақтанышлы миннетим, деп билемен.

Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!

Оғада әҳмийетли ҳәм зәрүрли темаға бағышланған бул конференция Өзбекстан Республикасының ғәрезсизлик байрамы алдында болып өтип атырғаны өзине тән рәмзий мәниске ийе.

Буннан жигирма жети жыл бурын халқымыздың ерк-ықрары ҳәм қәлеўи менен қолға киргизилген миллий ғәрезсизлик биз ушын дүнья халықларының еркин ҳәм азат шаңарағына тең ҳуқықлы ағза болып кириў, дүнья жәмийетшилиги менен барлық тараўларда, соның ишинде, мәдений-гуманитарлық тараўда нәтийжели бирге ислесиўди орнатыў имканиятын жаратып берди.

Бүгинги күнде Өзбекстан өз раўажланыўының жаңа, жоқары басқышына қәдем қоймақта. Биз миллий тиклениўден-миллий өсиўге ерисиўди өз алдымызға ең әҳмийетли ҳәм тийкарғы ўазыйпа етип қойдық. Бул уллы мақсетке болса дүнья халқы менен аўызбиршиликли ҳәм шерик болып жасаў, ашық демократиялық жәмийет қурыў, турмысымызда миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет сезимин буннан былай да кеңнен қәлиплестириў арқалы ғана ерисиў мүмкинлигин биз жақсы аңлаймыз.

Мине, усы көзқарастан қарағанда, өзбек классикалық ҳәм заманагөй әдебиятын халықаралық көлемде үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў, көп қырлы бул теманы бүгинги күнде дүнья әдебий орталығында жүз берип атырған бул әҳмийетли процесслер менен тығыз байланыслы ҳалда таллап, зәрүр илимий-әмелий жуўмақлар шығарыў, келешектеги ўазыйпаларымызды белгилеп алыў, мен ойлайман, үлкен әҳмийетке ийе.

Әсиресе, ҳәзирги тынышсыз ҳәм қәўип-қәтерли заманда пүткил адамзат алдында пайда болып атырған, биз бурын дусласпаған оғада қурамалы машқалалар, глобаллық қәўип-қәтерлерди биргеликте сапластырыў, усы жолда барлық жақсы нийетли инсанларды бирлестириўде, дүнья халқының дерлик үштен бир бөлегин қурайтуғын жасларды гуманистлик идеялар руўхында тәрбиялаўда көркем сөз өнериниң орнын ҳәм жуўапкершилигин ҳәр қашанғыдан да жоқарылатыў зәрүрлигин бүгин турмыстың өзи талап етпекте.

Бул бағдарда Өзбекстанда әмелге асырылып атырған итибарға ылайық жумыслар, соның ишинде, илим, тәлим-тәрбия, мәденият, көркем өнер ҳәм әдебият тараўларын избе-из раўажландырыў, базар экономикасы шараятында илим ҳәм дөретиўшилик халқын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, китапқумарлық мәдениятын арттырыў сыяқлы ўазыйпалар мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарына айланғаны ҳаққында сизлер конференция жумысы даўамында жетерлише мағлыўматқа ийе боласыз, деп ойлайман.

Бул ҳаққында сөз еткенде, бир пикирге айрықша итибар бериўди орынлы, деп билемен.

Биз Өзбекстанда «Әдебий дослық-мәңги дослық» деген терең мәнили принципке әмел еткен ҳалда, дүнья әдебиятының дүрдана шығармаларын өзбек тилине аўдарма ислеў ҳәм басып шығарыў мәселесине итибар қаратпақтамыз.

Елимизде дүнья әдебиятының бийбаҳа мүлки болған мың-мыңлаған шығармалар аўдарма исленип, китапқумарлар кеўлинен орын алғанын, көркем аўдарма ҳәм аўдармашылық бойынша өзине тән дөретиўшилик мектептиң қәлиплескенин айрықша атап өтиў зәрүр.

Соның менен бир қатарда, әсирлер даўамында жетик инсан тәрбиясы, әдалатлы жәмийет, шахс еркинлиги, Ўатан азатлығы, дөретиўшилик , кеңпейиллик ҳәм интернационаллық, инсаныйлық сыяқлы өлмес пазыйлетлерди сөз етип киятырған классикалық ҳәм заманагөй әдебиятымыздың ең сайланды үлгилерин шет тиллерге аўдарыў ҳәм шет еллерде үгит-нәсиятлаў бойынша да елимизде үлкен жумыслар әмелге асырылмақта.

Бул бағдарда республикамыздың билимлендириў мәкемелеринде өзбек тили менен бирге қарақалпақ, рус, тәжик, қазақ, қырғыз, түркмен тиллеринде билим бериўдиң жолға қойылғаны, жоқары оқыў орынларымызда инглис, француз, немис, испан, япон, қытай, корейс, араб филологиясының арнаўлы илим сыпатында оқытылып атырғаны үлкен әҳмийетке ийе.

Соның менен бирге, бул тараўда да алдымызда көп ғана әҳмийетли ўазыйпалардың турғанын да атап өтиў керек. Атап айтқанда, ҳәзирге шекем дүнья әдебиятынан ана тилимизге аўдарма исленген айырым шығармалар жәрдемши тиллер арқалы әмелге асырылған ҳәм бул жағдай бүгинги күнде де даўам етпекте. Жас аўдармашыларымыз негизги тилин жақсы билсе де, көп жағдайларда оларда көркемлик шеберлиги жетиспей атыр. Мине усындай жағдайды өзбек әдебиятының үлгилерин басқа тиллерге аўдарма ислеў тараўында да бақлаў мүмкин.

Бүгин елимизде сизлердиң белсене ис-ҳәрекетиңиз бенен биринши мәрте өткерилип атырған бул халықаралық конференция мине усындай әҳмийетли дөретиўшилик машқалаларды ҳәр тәреплеме додалаў, бул бағдарда халықаралық тәжирийбе, заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологиялары, Интернет имканиятларынан еле де кеңирек пайдаланыў, дослық байланысларын тиклеў ҳәм беккемлеў, дөретиўшилик аўқамлар, әдебий басылымлар арасында бирге ислесиўди күшейтиў, өз-ара қатнасықларды жолға қойыўға байланыслы әмелий усыныслар ислеп шығыўға хызмет етеди, деп исенемен.

Бул әҳмийетли бағдарда биз сизлер менен ҳәр тәреплеме нәтийжели бирге ислесиўге бәрқулла таярмыз. Соның ишинде, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы жанында сизлердиң қатнасыўыңызда Өзбек әдебиятының сырт елли дослары кеңесин дүзиў ҳәм оның жумысын системалы тийкарда шөлкемлестириў, бул жолдағы дәслепки әмелий қәдем болыўы мүмкин.

Ҳүрметли дослар!

Буннан жүз жыл бурын уллы өзбек шайыры Абдулҳамид Сулайман улы –Шолпан «Әдебият жасаса, миллет жасайды!» деген жалынлы шақырық пенен ҳәммеге танылған еди.

Турмыс ҳәм тарийх сынақларынан өткен терең мәнили бул сөзлер бүгин де өз әҳмийетин ҳәм қунын жойытқан емес. Ҳақыйқатында да, әдебият, көркем өнер ҳәм мәденият жасаса, миллет ҳәм халық, пүткил инсаният мәңги жасайды.

Мине, усындай ийгиликли ҳәм мақтанышлы жумысқа өз өмирин бағышлаған сиз, әзизлерге саў-саламатлық, дөретиўшилик жетискенликлер, бахыт ҳәм әўмет, конференция жумысына табыс тилеймен.

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти

ӨзА