Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық бақлаў орайында безгек кеселлиги ҳәм оның алдын алыў мәселелерине бағышланған дөгерек сәўбети болып өтти.

Оған Туризм бойынша мәмлекетлик комитети, ишки ислер, суў хожалығы, билимлендириў министрлиги, «Мәҳәлле» қоры, жәмийет саламатлығын ҳәм денсаўлықты сақлаўды шөлкемлестириў илимий-изертлеў орайы Қарақалпақстан филиалының жуўапкер қәнигелери қатнасты.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң биринши орынбасары К.Қудайбергенов алып барды.

Илажда Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик санитариялық-эпидемиологиялық бақлаў орайының бөлим баслығы И.Тё, Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик саниятариялық-эпидемиологиялық бақлаў орайының бас шыпакери Б.Қутлымуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, республикамызда безгек кеселлигиниң алдын алыў бағдарындағы әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, безгек кеселлиги республикамызда өткен әсирдиң тоқсаныншы жылларының басында сырттан кирип келген пуқаралардан жуқтырыўы себепли соңғы мәрте дизимге алынған. Алып барылған профилактикалық илажлар нәтийжесинде, республикамызда усы күнге шекем бул кеселлик пенен кеселленгенлер ушыраспады. Бирақ, елимизде туризмниң раўажланыўы себепли безгек кеселлиги кең түрде тарқалған Африка, Латын Америкасы, Ҳиндстан, Қубла шығыс Азия еллерине пуқараларымыздың барып, келиўи себепли жуқтырып алыў қәўпи бар.

Илажда усы кеселликтиң алдын алыўды күшейтиў бойынша пикир-усыныслар билдирилип, алдағы жумыслар белгилеп алынды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.