Интернет тармақларында Беруний районындағы «Шаббаз» ҳәптелик дийқан базарының дәрўазасында урлық ислеўде гүманланған шахстың қоллары байланып, арқан менен асып қойылған жағдайы видеоға алынған ўақыя тарқалған еди. Бул жағдай бойынша Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги берген мағлыўматқа сүйенип, Өзбекстан Республикасы ИИМ Жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен байланыслар басқармасының хабар етиўинше, ўақыя 1-август күни саат азанғы 6.00 лар әтирапында пуқара У.А. тәрепинен исленгени көрсетилген.

Пуқара У.А. базар аймағында саўда ислеўши адамлар тәрепинен урлық ислеўде гүманланып услап турылған пуқара Д.Нның қолларын арқан менен байлап, базардың кириў дәрўазасына асып қойған ҳәм пуқара Д.Н.ның ҳуқықларын ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплерин кемситетуғын ҳәрекетлер ислеген. Бул ўақыя бойынша пуқара У.А.ға Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 229-статьясы менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери  алып барылмақта. Пуқара Д.Н.ның урлық жынаятын ислегени ямаса ислемегени бойынша тергеўде анықлық киргизиледи ҳәм бул ҳаққында тергеўдиң жуўмағына бола мәлимлеме бериледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги