Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 27-август күни Самарқандқа келди. Мәмлекетимиз басшысы ўәлаятқа сапар етиўин Биринши Президентимиз Ислам Кәримовтың қәбирин зыярат етиўден баслады.

Шавкат Мирзиёев Ислам Кәримовтың қәбирине гүл қойды. Қуран оқылды.

Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 25-январьдағы «Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти Ислам Әбдиғаниевич Кәримовтың естелигин мәңгилестириў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, Самарқанд қаласында Ислам Кәримов жерленген жерде естелик комплекси қурылмақта.

Президентимиз 2017-жыл 14-апрель күни Самарқанд ўәлаятына сапар етиўи ўақтында усы мавзолейдиң жойбары менен танысып, оны жетилистириў бойынша көрсетпелер берген еди. Сол тийкарда бул жерде үлкен қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды. Мавзолей мрамор ҳәм граниттен қурылған, Қуран аятлары менен безелген. Айўан (терраса) сүтинлерине Ислам Кәримовтың ҳикметли сөзлери өзбек, инглис ҳәм араб тиллеринде жазылған. Комплекстиң әтирапы кеңейтилип, зыяратшылар ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Биринши Президентимиздиң мавзолейи Ҳәзирети Қызыр мешити менен үйлесип кеткен.

Шавкат Мирзиёев комплекстеги қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларын жуўмақлаў, зыяратшылар ушын шараятларды буннан былай да  жақсылаў, қойымшылықты абаданластырыў бойынша усыныслар берди.

Сол күни Президентимиз Имам Бухарий комплексинде болды. Өткенлердиң естелиги ядқа алынып, Қуран оқылды.

Мәмлекетимиз басшысының Имам Бухарий естелик комплексиниң жанында ислам мәдениятына, улыўмаинсаныйлық цивилизацияның раўажланыўына шексиз үлес қосқан уллы бабаларымыздың көп қырлы бай мийрасын үйрениўге қәнигелескен халықаралық илимий-изертлеў орайын шөлкемлестириў басламасы елимиз ҳәм халықаралық жәмийетшилигк тәрепинен кеңнен қоллап-қуўатланды.

Тез арада бул жойбарды әмелге асырыў бойынша қурылыс жумыслары баслап жиберилди.

Президентимиздиң усы жыл 21-май күни Сауд Арабстанына сапар етиўи шеңберинде  Өзбекистан Республикасы менен Ислам раўажланыў банки арасында Имам Бухарий халықаралық илимий-изертлеў орайын шөлкемлестириў ҳаққында Түсинисиў меморандумына қол қойылды.

Бүгинги күнде илимий-изертлеў орайының қурылысы жедел даўам етпекте. Орайда заманагөй оқыў имаратлары, китапхана, жатақхана, асхана ҳәм басқа да зәрүр объектлер қурылады. Имам Бухарий илимий-изертлеў орайы усы бағдардағы басқа да ағартыўшылық орынларын бирлестиретуғын ири орай болады.

Шавкат Мирзиёев бул жерде әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары менен танысты.

Мәмлекетимиз басышысы орайды заманагөй түрде қурыў менен бирге, оны руўхый мазмун менен және де байытыў, уллы бабаларымыздың мийрасын үгит-нәсиятлаў, жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық пенен гүресиў зәрүрлигин атап өтти.

Бул жерге келген адамлар тек ғана зыярат етиў менен шекленип қалмастан, илим-билим алсын. Басқа мәмлекетлерден де талабанлар келип оқысын. Бул ушын терең илимий методика жаратыў, динимиздиң негизги мәнисин үйретиў керек, деди Шавкат Мирзиёев.

Усы жерде Самарқанд қаласының Даҳбед көшесинен Пайариқ районындағы Имам Бухарий комплексине алып баратуғын Нурафшон көшесин абаданластырыў, жол бойында заманагөй турақ жайлар, саўда ҳәм турмыслық хызмет көрсетиў объектлерин қурыў жойбарлары бойынша мағлыўмат берилди.

Анвар САМАДОВ,

Ғолиб ҲАСАНОВ,

ӨзА ның арнаўлы хабаршылары