Август айының басланыўы менен көпшилик ата-аналар мектеп жасындағы перзентлерине китап-дәптерлер, кийим-кеншеклер сатып алыў мәселесинде бас аўыртады.  Быйыл бирдей мектеп формасы енгизиледи деген хабар тарқағанына бираз ўақыт болса да, бул мәселе жуўапкер шөлкемлер тәрепинен еле шешип берилгени жоқ.

Daryo басылымында хабар бериўинше, форманың енгизилиўи жаңа қарар жойбары тастыйықланбағаны себепли созылып кеткен. Халық билимлендириў министрлиги ҳүжжет ҳәзирги ўақытта ҳүкимет тәрепинен көрип шығылып атырғанын, жақын күнлерде тастыйықланыўы менен мектеп формасының баҳасы, қай жерден сатып алыў мүмкин екени ҳәм басқалар ҳаққында рәсмий мағлыўмат беретуғынын билдирмекте. Және де министрликтиң жуўаплы хызметкерлери ата-аналар ҳәзирше форма сатып алыўға асықпай турғаны мақул болатуғынын, бирдей мектеп формасының енгизилиўи 2018-2019-оқыў жылы даўамында әмелге асырылатуғынын, соның ушын жаңа оқыў жылының басланыўы менен бирдей мектеп формасын сатып алмаған оқыўшылар мектепке киргизилмейтуғыны ҳаққындағы гәп-сөзлер тийкарсыз екенин айтпақта.

 

М.ИГИЛИКОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы