«GM Uzbekistan» ислеп шығарған автомобильлердиң баҳасы 1-августтан баслап қымбатламайды. Бул ҳаққында «Өзавтосанаат»тың баспасөз хызмети хабар берди.

«GM Uzbekistan» автомобильлериниң баҳасы өзгергени жоқ. Халықаралық пресс-клубтың 30-июль күни болып өткен сессиясында додаланған баҳа мәселеси, бул мәселениң унамлы ҳәм унамсыз тәреплерин есапқа алған ҳалда, ҳәзирги ўақытта тийисли шөлкемлер ҳәм экспертлер менен биргеликте ҳәр тәреплеме үйренилмекте», делинеди «Өзавтосанаат»тың билдириўинде.

«Өзавтосанаат»тың мәлимлемесине бола, автомобильлердиң социаллық тармақларда тарқаған жаңа баҳалары ҳәм прайс-листлери ҳаққындағы мағлыўматлар ҳақыйқатқа сәйкес келмейди.

Еслетип өтемиз, сәл алдын баҳалар орташа 14 процентке қымбатлайтуғыны ҳаққында хабар берилген еди.

 

ӨзА