Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 31-июль күни ғаўашаның раўажланыўын жеделлестириў, ғәлле орымынан босаған жерлерге тәкирарый егинлер егиў, халықтың қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланыў ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин экспорт етиў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Бизге белгили, усы жыл 4-июль күни болып өткен видеоселектор мәжилисинде 5-июльден 5-сентябрьге шекем «Зүрәәтке-зүрәәт қосыўдың ылғаллы еки айлығы» жәрияланған еди. Мәжилисте бул бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳәр тәреплеме талланды.

Өткен ўақыт ишинде ғаўашаның раўажланыўының кешигиўи сапластырылмағаны, ғаўашаның раўажланыўы еле де 8-10, айырым жерлерде 12-15 күнге артта қалып атырғаны атап өтилди. Өткен жылдың усы дәўиринде бир түп ғаўаша орташа 5-7 ғөрек салған болса, бүгин 3-5 тен аспайды.

99de24b9-60f7-70d8-62e2-7177649316c5.jpg

Бундай жағдай жүзеге келиўиниң тийкарғы себеби июнь-июль айларында орынлардағы ҳәкимлер, секторлардың басшылары, әсиресе, фермерлер ғәлле орым-жыйынын ҳәм тәкирарый егин егиўди бәне етип, ғаўаша тәрбиясын өз ҳалына таслап қойғанында, деди мәмлекетимиз басшысы. Ғаўашаны шөллетпей, қатар араларын қайта ислеў ҳәм суўдан нәтийжели пайдаланыў жумыслары да кеўилдегидей шөлкемлестирилмеген. Үйрениўлер соны көрсетеди, көпшилик атызларда я культиватор, я суўшы, яки бирде-бир жумысшы көринбейди. Ҳәттеки айырым районларда пахта өз ҳалына таслап қойылған. Көплеген атызларда ғаўаша шөллеп жатыр, бул болса зүрәәттиң азайыўына алып келмекте.

Республикалық жумысшы топарлардың мағлыўматына қарағанда, ғаўашаның қатар араларын культивациялаў жумыслары пүткиллей талапқа жуўап бермейди. Бир қатар районларда тракторлар басқа жумысларға тартылғанының ақыбетинде культивация кешигип, ғаўашаның қатар аралары жарылыў дәрежесине келген. «Механизаторлар үйлери»нде шараяттың жоқлығы, «отряд» ҳәм «наряд» системасы ислемегени ақыбетинде культиваторлардың 45-50 процентинен жеткиликли пайдаланылмай атыр.

Аўыл хожалығындағы ўазыйпаларды орынлаўда кемшиликлерге жол қойғаны ушын Зарбдор, Ғузор, Бағдод ҳәм Уйчи районларының төрт сектор басшыларын лаўазымынан азат етиў бойынша тапсырма берилди.

Пахта атызларында агротехникалық илажларды өз ўақтында ҳәм сапалы өткериў, ғаўашаны шөллетпей, қатар араларын қайта ислеў, культиваторлардан нәтийжели пайдаланыў зәрүрлиги атап өтилди.

Быйыл қолайсыз ҳаўа райы себепли ғаўаша зыянкеслери ҳәм насекомалар көбейди. Илимпазлардың анықлаўынша, ғөрек қурты гүбелегиниң қыслаўдан саў-саламат шығыў дәрежеси 76 процентти қурап атыр. Бул соңғы жыллардағы ең жоқарғы көрсеткиш болып табылады. Тийкарында, бул цифрдың  50 процентке жетиўи айрықша жағдай сыпатында баҳаланады. Быйыл болса, насекома 1,5 есеге көп. Бул машқала ҳәр бир жуўапкер басшыдан системалы қадағалаўды жолға қойыўды, әсиресе, фермерлерден жеке жуўапкершиликти күшейтиўди талап етеди.

Тараў илимпазлары быйыл 460 мың гектарда өрмекши-кене, 390 мың гектарда ғөрек қурты ҳәм 42 мың гектарда жоңышқа питеси тарқалыўы ҳаққында прогноз бермекте. Сонлықтан Илимлер академиясы системасындағы илимий-изертлеў институтлары ҳәм Ташкент мәмлекетлик аграр университети басшыларының басшылығында 127 илимпаз ўәлаятларға жиберилди. Ғаўашаны зыянкеслерден ҳәм насекомалардан қорғаўға бюджеттен қосымша 100 миллиард сум ажыратылды. Бирақ айырым сектор басшылары еле де бийпәрўа жүр. Мыңлаған гектар жерде химиялық қайта ислеў өткерилди, деп есап берилген болса да, әмелде күтилген нәтийжеге ерисилмеген. Яғный, қайта  ислеў сапасыз ҳәм атына өткерилген. Ақыбетинде айырым ўәлаятларда ғөрек қурты 4-5 мың гектардағы ғаўашаға зыян келтирген. Және 8-10 мың гектар жер қәўип астында тур.

Ғаўашаның раўажланыўына суўғарыў жумыслары дурыс шөлкемлестирилмегени де кери тәсир етпекте. Сектор басшылары ҳәм суў хожалығы хызметкерлери суўды әдалатлы бөлистириў менен жеткиликли шуғылланбай атыр. Мәселен, белгили бир районға жеткерип берилген суўдың   50-60 проценти тәкирарый ҳәм қыйтақ жерлерди суўғарыўға қаратылып атыр. Суўдан мақсетли пайдаланылмағаны, жеткиликли суўшы тартылмағаны, түнги суўғарыў жумыслары шөлкемлестирилмегени нәтийжесинде айырым районлардың 10-15 процент атызында ғаўаша шөллетип қойылған. Ғаўашаны шербет усылында суўғарыў бойынша анық тапсырма берилгенине қарамастан, айырым районларда 60-65 процент жерге суўдың өзи жиберилмекте. Усы мүнәсибет пенен Суў хожалығы министрлиги ҳәм Мәмлекетлик ветеринария  комитетине өз системасындағы хызметкерлерди атызға жергиликли төгин шығарыў ҳәм ғаўашаны шербет пенен суўғарыў жумысларына тартып, фермер хожалықларына бириктириў ўазыйпасы тапсырылды. Суўдан нәтийжесиз пайдаланған сектор басшыларына ҳәм фермерлерге шара көриледи.

Мәжилисте ғәлледен босаған жерлерге тәкирарый егинлер егиўди жуўмақлаў, шәртнама дүзиў ҳәм аванс қәрежетлерин бериў жумысларын жеделлестириў мәселеси көрип шығылды.

Бүгинги күни дүньяда халықтың саны ҳәм турмыс дәрежеси өсиўи себепли жәҳән базарында азық-аўқат өнимлерине талап ҳәм баҳа артып бармақта. Бундай шараятта барлық имканиятлардан пайдаланған ҳалда, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўди көбейтип, ишки базарды толтырыў ҳәм экспорт көлемин арттырыў әҳмийетли ўазыйпа есапланады. Әне, усы мақсетте быйылғы жылы ғәлледен босаған 680 мың гектар жерге тәкирарый егин егиў белгиленген еди. Бирақ тәкирарый егин егиў басланғанына бир айдан асқан болса да, жумыслар еле жуўмақланбаған. Соның ишинде, елимиз бойынша 25 мың 350 гектар жерге картошка егиў белгиленген. Бирақ бүгинги күнге шекем оның 52 проценти ғана егилген.

Және бир машқала сонда, тәкирарый егин түри ҳәм майданы белгилеп берилген болса да, сектор басшылары қадағаламағаны ақыбетинде 2 есеге көп майданға шарўашылық егинлери егилген. Айырым сектор басшылары қосып жазыў сыяқлы ески ҳәм зыянлы иллеттен елеге шекем қутылмағаны себепли тәкирарый егин бойынша мағлыўматлардың дурыслығына кепиллик бериўге болмайды. Мәселен, өткен жылы ғәлледен босаған орынларға тәкирарый егинлер егилгени ҳаққында ҳақыйқатқа туўра келмейтуғын есабат  берилгени мийўе-овощ өнимлериниң экспортына кери тәсир етти. Соннан келип шығып, Бас прокурор белгиленген талапларды бузған жуўапкер басшыларға тийисли илаж көриўи керек. Жуўапкер адамлар өткен жылғы кемшиликлерден тийисли жуўмақ шығарып, тәкирарый егин майданларында өним жетистириў ҳәм экспорт етиў бойынша системалы жумысларды шөлкемлестириўи зәрүр. Тәкирарый егин егиў жумыслары 5-августқа шекем толық жуўмақланыўы шәрт. Буған материаллық-техникалық ресурслар толық жеткерип берилиўин, агротехникалық илажлар өз ўақтында өткерилиўин, суўдан ақылға уғрас пайдаланыўды айрықша қадағалаўға алыў керек.

Мәжилисте атап өтилгениндей, тәкирарый егин өнимлерин сатып алыў бойынша қайта ислеў кәрханалары, экспортшы ҳәм таярлаў шөлкемлери менен шәртнамалар дүзиў жумыслары да қанаатландырарсыз. Соның ишинде, экспортқа шығарылатуғын тәкирарый егин өнимлериниң Қарақалпақстанда  23, Ташкент ўәлаятында 27, Бухарада 53 процентти сатып алыў бойынша экспортшы шөлкемлер менен шәртнама дүзилмеген. Қайта ислеў кәрханалары ҳәм таярлаў шөлкемлери менен шәртнама дүзиў бойынша да усындай көрсеткишлерди келтириў мүмкин.

Шәртнамалар толық дүзилмегени фермерлерге аванс қәрежетлерин төлеўге кери тәсир етпекте. Усы күнге шекем қайта ислеў кәрханалары аванстың тек ғана 10, эспортшылар 11, таярлаў шөлкемлери 38 процентин төлеген. Шәрнама дүзилмесе, аванс қәрежети берилмесе, дийқанның жағдайы не болады, деген мәселе ҳеш кимди тәшиўишлендирмей атырғандай. Бул машқаланы жедел сапластырыў мақсетинде жуўапкер адамларға бес күн мүддетке тәкирарый егиннен алынатуғын өнимлерди сатып алыў бойынша шәртнамалар дүзиўди, он күн мүддетте аванс қәрежетлерин төлеп бериўди жуўмақлаў илажларын көриў ўазыйпасы тапсырылды.

Соның менен бирге, коммерциялық банклер тәрепинен қайта ислеў кәрханалары, экспортшылар ҳәм таярлаў шөлкемлерине аванс қәрежетлерин төлеп бериў ушын зәрүр болған кредитлер қысқа мүддетте ажыратылыўын қатаң қадағалаўға алыў керек. Дүзилген шәртнамаларға тийкарланып тәкирарый егин өнимлерин жеткерип бериў бойынша нәтийжели система ислеп шығыў ҳәм енгизиў тийкарында зүрәәтти зая етпей жыйнап алыў илажларын көриў зәрүр.

Азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыўдың көлемин кеңейтиў ҳәм ишки базарды арзан өнимлер менен толтырыўда қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў да үлкен әҳмийетке ийе. Быйыл болса бул бағдарда жаңа система еингизилип, 161 «Қыйтақ жер хызмети» кәрханасы шөлкемлестирилди. Олардың жумысын жолға қойыў ушын 471 миллиард сум кредит ажыратыў нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў қоры шөлкемлестирилип, 500 миллиард сум ажыратылды. Усы күнге шекем Қордың есабынан қыйтақ жерде өним жетистириўге, ыссыхана шөлкемлестириўге, техника ҳәм үскенелер сатып алыўға  62 миллиард сум қаратылды.

«Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» бағдарламасы шеңберинде халық ушын 400 миллион доллар ажыратылды.

Булардың бәри қыйтақ жерде өним жетистириўди көбейтиў, ыссыхана шөлкемлестириў, үй шараятында таўық ҳәм қара малларды бағыў арқалы халықтың дәраматын арттырыў, бәнтлигин тәмийинлеў, турмыс тәризин жақсылаўға хызмет етеди.

Бирақ усындай ҳәрекетлерге қарамастан, қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириўде Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси ҳәм «Қыйтақ жер хызмети» күтилгениндей белсендилик көрсетпей атыр.

– Қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў бойынша жаратылған система нәтийже бериўи шәрт. Биз буны халықтың турмыс шараятының өзгериўи ҳәм ишки базардағы баҳа менен баҳалаймыз. Барлық басшылар жақсы түсинип алыўы керек. Қыйтақ жер – бул халықтың бәнтлиги, дәрамат дәреги, – деди мәмлекетимиз басшысы. Сонлықтан қыйтақ жерде өним жетистирип атырған, қарамал, 50 бас қусы болған шаңарақтың жумыссыз ағзасы 1 минимал мийнет ҳақы муғдарында пенсия қорына төлесе, 1 жыллық кепилленген жумыс стажына ийе болатуғыны белгилеп қойылды. Бул жеңиллик үйинде дийқаншылық етип атырған халық, әсиресе, ҳаял-қызлар, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеп, келешекте пенсия алыўға тийкар жаратады. Жуўапкер адамлар жаңа система нәтийжели шөлкемлестирилиўин тәмийинлеў илажларын көриўи ҳәм ажыратылған қаржылардан мақсетли пайдаланыўды қатаң қадағалаўға алыўы керек. Бәринен бурын, қыйтақ жерде босаған майданларға тәкирарый егин егиў жумысларын шөлкемлестириў зәрүр. Ҳәзирги ўақытта аймақлардың ықлым шараятынан келип шығып, август-сентябрь айларында егилетуғын пияз, чеснок, көк шөплер сыяқлы тоқсан баслы егинлер үйме-үй жайластырылып, өз ўақтында егилиўин тәмийинлеў зәрүр. Бул ушын «Қыйтақ жер хызмети» кәрханалары тәрепинен туқымлық, жанылғы, минерал төгинлер жеткерип берилиўин айрықша қадағалаўға алыў тийис.

Мәжилисте жергиликли бюджетке қосымша дәрамат түсириў резервлерин жумсаў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў мәселеси додаланды.

Июль айының жуўмағы бойынша салық уйымлары тәрепинен дерлик 4,7 триллион сум қаржы өндирилиўи, режеден тысқары бюджетке қосымша 889 миллиард сум түсиўи атап өтилип, айырым аймақлар тийкарынан ири салық төлеўшилердиң есабынан режени орынлап атырғаны атап өтилди. Саўда, хызмет көрсетиў орайлары, киши исбилерменлик субъектлерин салық пенен толық қамтып алыў, жумыс ислемей турған субъектлер менен ислесиўдиң есабынан салық базасын  кеңейтиў бойынша жумыслар жеткиликли дәрежеде емес. Салық төлеўшилердиң санында өсим дерлик бақланбай атыр. Ҳәкимлер ҳәм олардың биринши орынбасарлары бул бағдардағы жумысты терең таллаўы, жумысқа және де белсене қатнас жасаўы керек. Сонда ғана мәселени унамлы тәрепке өзгертиў мүмкин.

Мәжилисте өним ҳәм хызметлерди экспорт етиў бойынша прогноз көрсеткишлерин орынлаўда әмелге асырылып атырған илажлар да көрип шығылды.

Усы жылдың январь-июль айларының жуўмағына бола, елимиз бойынша жәми 7,2 миллиард долларлық экспорт әмелге асырылыўы ҳәм реже көрсеткишлери 104 процентке ямаса өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда дерлик 127 процентке орынланыўы күтилмекте. Бирақ бул цифр барлық тараўларда экспорт артыўын нәзерде тутпайды. Мәселен, айырым ўәлаятларда мийўе-овощ экспортының көлеми артқаны менен санаат өнимлери экспортының реже көрсеткишлери орынланбай қалыўы мүмкин. Реже көрсеткишлерине толық ерисиўи ушын жуўапкер адамлар мәселени ҳәр тәреплеме үйренип, зәрүр илажларды көриўи тийис.

Мәжилисте күн тәртибиндеги мәселелери бойынша Бас министр орынбасарларының, министрлердиң ҳәм ҳәкимлердиң есаплары тыңланды.

 

ӨзА