Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм Жоқарғы судының рәсмий веб-сайтларында экстремистлик деп табылған шөлкемлердиң дизими жәрияланады. Бул ҳаққында «Экстремизмге қарсы гүресиў ҳаққында»ғы нызамда көрсетилген, деп хабар бермекте Kun.uz сайты.

Нызамның 14-статьясына муўапық, Өзбекстан Республикасында шөлкемди экстремистлик шөлкем деп есаплаў суд тәртибинде әмелге асырылады.

Шөлкем ямаса оның қурамлық структураларының кеминде биреўи (бөлимшеси, филиалы ҳәм ўәкилханасы) экстремистлик жумысларды әмелге асырып атырған болса, экстремистлик шөлкем деп табылады.

Шөлкемди экстремистлик шөлкем деп табыў ҳаққындағы арза Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судына бериледи.

Қайсы шөлкемлерди суд тәрепинен экстремистлик шөлкем деп есаплаў ҳәм Өзбекстан Республикасы аймағында олардың жумысларын қадаған етиў ҳаққындағы нызамлы түрде күшке кирген қарары болса, сол шөлкемлердиң дизими Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм Жоқарғы судының рәсмий веб-сайтларында жәрияланыўы керек.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги