Усы жылдың  27-июль күни Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында жынаятшылықтың ерте алдын алыў бағдарындағы жумыслардың бүгинги жағдайы, бул бойынша ишки ислер уйымларының ҳәм басқа да мәмлекетлик уйымлардың жуўапкершилигин буннан былай да арттырыў, системада бар машқалалар менен кемшиликлерди сапластырыў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилисинде көтерилген үлкен машқалалар ҳәр биримизди бул ҳаққында шынтлап ойлаўға ийтермеледи.

Мәжилисте усы жылдың 6 айында елимизде жүз берген жәми жынаятлардың 30 процентинде жаслардың қолы бар екенлиги ашынарлы жағдай атап өтилди.

Мәмлекет басшысы буның себебин жаслар бирден-бир идея, бирден-бир мақсетлер жолында бирлеспей, тәлим-тәрбия ҳәм бәнтликти тәмийинлеўде көплеген системалы машқалалардың шешилмей атырғанлығы менен түсиндирди.

Бизге белгили, бир жылда 600 мыңнан аслам жигит-қыз мектепти, лицей ҳәм колледжлерди питкереди. Олардың  10-15 проценти ғана жоқары оқыў орынларының студенти, деген атқа миясар болады. Хош, қалғанлар-ше? Олар ертең ким болатуғыны ҳаққында сиз бенен биз бас қатырып атырмыз ба? Жас әўладтың, әне, усы үлкен бир «армиясы» итибардан шетте қалса, ким утып, ким утылады?

Әлбетте, бул барлығымызды  бирдей ойландыратуғын мәселе. Президентимиздиң басламасы менен жаслардың ҳуқықлары менен мәплерин толық тәмийинлеў, олардың басламаларын , идеяларын жүзеге шығарыў, улыўма, жас әўладты ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде Өзбекстан жаслар аўқамы дүзилди, оған көп ўәкилликлер берилди. Ҳәзирги ўақытта усы аўқам ири-ири жойбарларды әмелге асырмақта. «Jaslar-keleshegimiz» Мәмлекетлик бағдарламасы қабыл етилди.

Жаслар мәселеси бойынша ҳәттеки парламентте де арнаўлы структуралар шөлкемлестирилди. Атап айтқанда, Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасында Жаслар мәселелери бойынша комиссия, парламенттиң жоқары палатасы – Сенатта болса Жаслар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитети шөлкемлестирилди. Видеоселектор мәжилисинде атап өтилгениндей, Ҳаял-қызлар комитети, «Шаңарақ» илимий-әмелий изертлеў орайы ҳәм халық пенен тикеллей ислесетуғын басқа да шөлкемлер, ҳәкимликлер, ишки ислер бөлимлеринде жаслар бойынша орынбасар лаўазымы енгизилди.

Бирақ, жаратылып атырған бундай шараятлар, дүзилип атырған абыройлы тармақ бирликлери, ажыратылып атырған қаржылар, көрилип атырған илажлардың көлемине қарамастан жаслар арасындағы жынаятшылықты пүткиллей сапластырып болмай атыр.

Мениң пикиримше, бундай жағымсыз көринистиң жүзеге келиўине себеп болып атырған факторлардан бири, айырым жаслардың өз ҳалына таслап қойылғаны болып табылады. Соның ақыбетинде ҳәзир қандай да бир жәмийетлик пайдалы жумысларға тартылмаған, жәмлеспеген жаслардың саны 1 миллионан артып кеткен ҳәм бул сан күн сайын өсип бармақта.

Президентмиздиң бул бағдарда қайғырып, тәшўишленип атырғаны, орынлардағы жуўапкер адамлар жаслар тәрепинен жүз берип атырған ҳәр бир жынаят бойынша додалаўларды өзлери шөлкемлестириўи ҳәм себеплерин анықлаўы, ғалаба хабар қуралларында тикеллей шығып, мағлыўмат бериўи тийис, деген талапты қойып атырғаны бийкарға емес. Сонда ғана ҳәр бир жынаяттың тамырына шекем жетип барыў, себеплерин анықлап, келешекте оның алдын алыўда нәтийжеге ерисиў мүмкин болады. Керисинше жағдайда, ҳәмме жынаятшылыққа қарсы гүресиў иммунитетин қәлиплестириў орнына оның ақыбетлери менен әўере болып қалабереди.

Биз, әне, усы мәселе бойынша барлық мәмлекетлик шөлкемлер, министрликлер менен ведомстволар, жәмийетлик шөлкемлер қатарында бул бағдардағы өз жумысларымызды қайта көрип  шығыўымыз, жумысымызды жанладырыўымыз зәрүр, деген шешимге келдик. Дурыс, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Жаслар мәселелери бойынша комиссиясы жаслардың, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, жаслардың исбилерменлигин раўажландырыў, олардың арасындағы жынаятшылықтың алдын алыў бағдарындағы ибратлы жумысларды әмелге асырды. Бирақ, бул бүгинги ўақыялар алдында жетерли емеслиги анық болып турыпты.

Сол себепли парламент ағзалары жақын күнлерде Нызамшылық палатасының Жаслар мәселелери бойынша комиссиясы қатнасыўында «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат ҳаққында»ғы нызамның орынланыўын тәмийинлеў бойынша исленип атырған жумысларды сын көзқарастан үйренип, анық усыныслар менен шығады.

Ертеңги күнимиз қандай болыўын қәлесек, бүгин, ҳәзирден соған жараса жол тутыўымыз, келешегимизди тәмийинлейтуғын әўладқа мүнәсип шараят ҳәм имканият жаратыўымыз, олардың тәғдирине бийпарўа болмаўымыз тийис.

Жолдасбай АБДИЖАМИЛОВ,

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының

Жаслар мәселелери бойынша комиссиясы баслығының орынбасары.

ӨзА