Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 27-июль күни жынаятшылықтың ерте алдын алыў бағдарындағы жумыслардың бүгинги жағдайы, бул бойынша ишки ислер уйымлары ҳәм басқа да мәмлекетлик уйымлардың жуўапкершилигин арттырыў, системада жүзеге келген машқалалар менен кемшиликлерди сапластырыў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Мәжилиске Бас министр ҳәм оның орынбасарлары, прокуратура, ишки ислер ҳәм қорғаныў министрликлериниң басшылары, Миллий гвардия сәркардасы ҳәм Жоқарғы суд баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәкимлери қатнасты.

Нызам үстинлигин тәмийинлемей, жынаятшылықтың алдын алмай халықтың исенимин ақлаў мүмкин емес. Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен бул мәселеге айрықша итибар қаратылмақта, барлық дәрежедеги басшылардан қатаң жуўапкершилик талап етилмекте.

Усы мақсетте ишки ислер системасы түп-тийкарынан реформаланды. Соның ишинде, бурын барлық хызметкерлердиң 60 проценти қалалық ҳәм районлық басқармаларда, 40 проценти орынларда жумыс алып барған болса, енди  35 проценти уйымларда қалдырылып, 65 проценти халыққа жақын болыўы ушын мәкан пуқаралар жыйынлары жанында ислей баслады. Системаны жетилистириўге байланыслы 80  нен аслам ҳүжжет қабыл етилди.

Бирақ усындай илажларға қарамастан, орынларда еле жынаятшылықтың түп-тамырына толық жетип барылмай атыр. Жынаятлардың тийкарғы себеплери үйренилмей, мәҳәлле, мийнет жәмәәтлери ҳәм билимлендириў мәкемелериндеги додалаўлар атына ғана шөлкемлестирилип, рәсмиятшылықтан арыға өтпей атыр.

Мағлыўматларға қарағанда, 2017-жылы жынаятлар 2016-жылға салыстырғанда 16 процентке, усы жылдың 6 айында болса өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 39 процентке кемейген. Бирақ қастан адам өлтириў, аўыр дене жарақатын жеткериў, тонаўшылық, басқыншылық, урлық ҳәм алдаўшылық жынаятларының саны елеге шекем жоқары болып қалмақта.

– Ҳәмме бирдей жең түрип, машқалалардан толық хабардар болып, оларды шешиўге көмеклесип, жынаятшылықтың ерте алдын алып ҳәм оның тийкарғы мәнисин түсиндиргенде, бүгинги жағдай ҳәм цифрлар санлар улыўма басқаша болатуғын еди, – деди мәмлекетимиз басшысы. – Тилекке қарсы жынаятшылыққа қарсы гүресиў тараўында елеге шекем ески жумыс ислеў системасынан ўаз кеше алмай атырмыз.

Мәжилисте атап өтилгениндей, ҳуқық қорғаў уйымларында көрсеткишлерди алдыңғы дәўир менен салыстырыў әмелияты ҳәўиж алған. Сонлықтан енди жынаятшылықты жылаўлаў бойынша жумыслар пүткиллей жаңаша системада шөлкемлестириледи. Бул система «Жынаят ҳақыйқаты ҳәм әдалат» деп атлады. Жуўапкер басшылар орынларға барып жынаятлардың себеплерин үйренеди, додалайды, қайталаныўдың алдын алыўға қаратылған анық илажлар көреди. Ғалаба хабар қуралларында «Жынаят ҳақыйқаты ҳәм әдалат» рубрикасы шөлкемлестирилип, барлық жумыслар толық сәўлелендирилип барылады.

Соны есапқа алған ҳалда, Ташкент қаласында енгизиле баслаған «Қәўипсиз пайтахт» концепциясын елимиздиң барлық аймақларында «Қәўипсиз қала» тәризинде жолға қойыў, онда ҳәр бир аймақтың өз өзгешеликлерин есапқа алыў зәрүрлиги атап өтилди. Бас министр, Бас прокуратура, ишки ислер ҳәм қорғаныў министрлери, Миллий гвардия сәркардасы ҳәм Жоқарғы суд баслығына бул бойынша тийисли тапсырмалар берилди.

Жынаятшылыққа қарсы гүресиўде ҳуқықбузарлықлар ҳәм оларды ислеўге бейим шахслардың есабын жүргизиўдиң нәтийжели механизмлерин жүргизиў зәрүр. Ишки ислер министрлигиниң ҳуқықбузарлықлардың бирден-бир есабын жүргизиў, таллаў ҳәм өз-ара информация алмасыўға жуўапкер Информация орайы болса ҳәрекетсиз орынға айланып қалған. Буған шек қойыў ушын Информация орайын Бас прокуратураның қурамына өткериў мақсетке муўапық. Сондай-ақ, ҳуқықбузарлықларды дизимге алыўдың электрон системасын енгизиў зәрүр. Бул жумыслардың үзликсиз даўамы сыпатында ҳәр бир аймақта жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў жумысының рейтингин енгизиў зәрүр.

Ҳаял-қызлар комитети, «Шаңарақ» илимий-әмелий изертлеў орайы ҳәм халық пенен тиккелей ислесетуғын басқа да шөлкемлер, ҳәкимликлер, ишки ислер бөлимлеринде жаслар бойынша орынбасар лаўазымы енгизилди. Бирақ жынаят жүз бергенде олардың белсендилиги көзге тасланбай атыр. Орынлардағы жуўапкерлер жынаят бойынша додалаўларды өзлери шөлкемлестириўи ҳәм себеплерин анықлаўы, ғалаба хабар қуралларына тиккелей шығып мағлыўмат бериўи тийис. Сонда ғана ҳәр бир жынаяттың түп-тамырына шекем жетип барыў мүмкин болады. Болмаса, барлық жынаятшылыққа қарсы гүресиў иммунитетин қәлиплестириўдиң орнына  оның ақыбетлери менен әўере болып қала береди.

Мәжилисте соңғы ўақытта өз жанына қастыянлық етиў жағдайлары көбейгенине байланыслы машқала додаланды. Халыққа психиатриялық жәрдем көрсетиў системасын буннан былай да жетилистириўге байланыслы бағдарламалар шеңберинде психиатрия шыпакерлериниң ҳәм психоневрология диспансирлериниң материаллық-техникалық базаларының жақсыланғаны, кадрлардың маманлығын арттырыў системасы жолға  қойылғаны, зорлық ислетиўден жәбирленген шахсларды реабилитациялаў ҳәм бийимлестириў және өз жанына қастыянлық етиўдиң алдын алыў республикалық орайы, районлық ҳаял-қызлар комитетлери жанында арнаўлы орайлар шөлкемлестирилип атырғанына, «қәўип астындағы топар»да болған шахслардың бирден-бир электрон базасы қәлиплестирилип атырғанына қарамастан, жуўапкерлердиң бул мәселеге көзқарасында ҳәм қатнас жасаўында кескин өзгерис бақланбай атыр. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша Республикалық кеңес, Денсаўлықты сақлаў, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў, Халық билимлендириў министрликлери, Жаслар аўқамы ҳәм Ҳаял-қызлар комитети өз жанына қастыянлық етиўге байланыслы ҳәр бир ҳәдийсеге «айрықша жағдай» сыпатында қараўы, билимлендириў мәкемелеринде өз жанына қастыянлық етиўге бейим минез-қулық пайда болыўына жол қоймаўға қаратылған психологиялық бағдарламалар ислеп шығылыўы зәрүр. Дин ислери бойынша комитет ҳәм Өзбекстан мусылманлары мәкемеси өз жанына қастыянлық етиўге болған муқаддес динимиздиң мүнәсибетин тәсиршең усылларда кең жәмийетшиликке түсиндириўи зәрүр.

Усы жылдың 6 айында дизимге алынған жынаятларды тийкарынан урлық, алдаўшылық, тонаўшылық ҳәм басқыншылық қураған. Бул жағдай профилактика жынаят-қыдырыў ҳәм қорғаў хызметлериниң жумысы тиккелей қанаатландырарсыз екенинен дәрек береди. Мәселен, елимиздеги шаңарақлардың 0,7, исбилерменлик объектлериниң  12 проценти ғана қорғаў пультине жалғанған, жәмийетлик орынлардағы видеокамералар бирден-бир системаға жалғанбаған. Яғный, қорғаў хызмети елеге шекем ескише системада ислемекте, заманагөй информация-коммуникация технологияларын енгизиўде босаңлыққа жол қоймақта. Бундай жағдайлар жынаятлар ашылмай қалыўының себеплеринен бири болып табылады. Усыннан келип шыққан ҳалда, Қорғаў хызметиниң жумысын жаңа система тийкарында шөлкемлестириў, информация технологияларын толық енгизиў, мәмлекетлик-жеке меншик шерикликке муўапық сервис сапасын ҳәм көлемин арттырыў зәрүр.

Мәжилисте жаслар арасында жынаятшылық азаймай атырғанына байланыслы мәселе көрип шығылды. Усы жылдың 6 айында елимизде атап өтилген жәми жынаятлардың  30 процентинде жаслардың қолы бар екени ашынарлы. Буның себеби жаслар бир идея, бир мақсет жолында бирлеспей атырғанын, тәлим-тәрбия ҳәм бәнтлики тәмийинлеўде көплеген системалы машқалалар шешилмей атырғанынан болып табылады. Мәселен, бир жылда 600 мыңнан аслам жигит-қыз мектеп, лицей ҳәм колледжлерди питкереди. Жоқары оқыў орынлары олардың 10-15 процентин қабыл етеди. Демек, қалғанлар ертең ким болатуғыны ҳаққында бас қатырыў керек. Оларға мүнәсип шараят жаратып берилмес екен ертең ненидур талап етиўге ҳеш кимниң мәнаўий ҳуқуқы болмайды. Сонлықтанда «Жаслар-келешегимиз» Мәмлекетлик бағдарламасы қабыл етилди, 800 миллиард сум қаржы әйне жаслар исбилерменлиги бәнтлиги ушын бағдарланды. Жуўапкер адамлар үйме-үй жүрип жаслар менен сәўбетлесиўи, олардың арзыў-мақсетлерин билиў арқалы усы бағдарламаның толық орынланыўын тәмийинлеўи зәрүр.

Мәжилисте жол-транспорт ҳәдийселери көбейгенине байланыслы мәселе додаланып, бул бағдарда ең тийкарғы машқала транспорт басқарыўшысы ҳәм пиядалардың билим-көнликпелери, нызамға бойсыныў ҳәм басқа да жол ҳәрекети қатнасыўшыларына өз-ара ҳүрмет мәдениятының оғада төмен екени атап өтилди. Жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғаны ушын жаза қолланылып атыр, бирақ нәтийже күтилгендей емес. Жоллардың жағдайын, жол белгилерин хатлаўдан өткериў, оларды басқышпа-басқыш  заманагөй қапламалы жол белгилери менен алмастырыў бағдарындағы жумыслар талапқа жуўап бермейди. Ишки ислер мнистрлиги, Автомобиль транспорты агентлиги, Автомобиль жоллары мәмлекетлик комитети 2018-2022-жылларға мөлшерленген жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў концепциясында көрсетилген ўазыйпалардың толық ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеўи зәрүр. Соның менен бирге, тараўға мәмлекетлик – жеке меншик шериклик механизмин енгизиў, аймақларда магистраль жолларды меншиклестириў, төлемли хызметти жолға қойыў, жол ҳәрекети қағыйдаларын қастан бузғаны ушын жуўапкершиликти күшейтиў илажларын көриў керек.

Мине усындай кемшиликлер себепли ишки ислер уйымлары шын мәнисиндеги «Халықшыл ишки ислер уйымлары»на айланбай атыр. Елеге шекем мүрәжатларды итибарсыз қалдырыў, хызмет ўазыйпасына немқурайдылық пенен қараў жағдайлары бар. Соңғы ўақытлары система хызметкерлериниң орынсыз ҳәрекетлери, лаўазымлы ўәкилликлеринен пайдаланыўға байланыслы жағдайлар интернетте кең додаланып атырғаны ишки ислер уйымларының абырайын төкпекте.  Ишки ислер министрлиги кеңейтилген коллегия мәжилисин өткерип, бундай мәселелерди додалаўы, келешекте жол қоймаў илажларын көриўи керек.

Бизге белгили, аймақларда жынаятшылықтың ерте алдын алыў ҳәм ҳуқықбузарлыққа қарсы гүресиў Республикалық комиссиясының жумысын нәтийжели шөлкемлестириў ушын 5 регионаллық жумысшы топардың ҳәр бирине тийисли аймақ ҳәм жуўапкер басшылар бириктирилип, анық ўазыйпалар жүкленген. Саны артқан жынаятлардың жүз бериўине мүмкиншилик жаратып атырған шараятлар үйренилип, ҳәр бир түрдеги жынаяттың ерте алдын алыўға қаратылған «Жол картасы» ислеп шығылған.

Мәмлекетимиз басшысы бул бағдардағы илажлар қағазда қалып кетпеўи тийислилигин, ҳәр бир илаж, ҳәр бир ҳәрекет анық нәтийжеге қаратылған болыўы, халықтың аўырын жеңиллетиўге жумсалыўы зәрүрлигин атап өтти. Бул ушын Республикалық комиссия ҳәр бир район ҳәм қалаға криминоген жағдай көзқарасынан «диагноз» қойып, оның нәтийжесине бола елимиздиң криминоген картасын ислеп шығыўы керек.

Ҳәзирги ўақытта жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасы ҳәммеге, соның ишинде, судларға да бирдей тийисли ўазыйпа болып табылады. Бирақ айырым судлардың баслықлары тек ғана бул жумысты емес, ал өзине жүкленген профессионал ўазыйпаларды да зәрүр дәрежеде орынламай атыр. Усы көзқарастан, Судьялар Жоқары кеңеси, Жоқарғы суд судларда жумысты дурыс ҳәм нәтийжели шөлкемлестириў, суд баслықларының жумысын баҳалаўдың анық критерияларын белгилеўде, жынаятшылықтың алдын алыўда судлардың қатнасын ҳәм жуўапкершилигин арттырыў бойынша анық илажлар көриўи дәркар.

Додаланған барлық мәселелерди таллаў соны көрсетеди ишки ислер уйымларының таллаў-ҳуқықый ҳәм прогнозлаў жумысы бүгинги күн талапларына жуўап бермейди. Таллаў қәбилетине ийе кадрларды тәрбиялаў бағдарында Ишки ислер академиясының жумысын қанаатландырарлы, деп болмайды. Себеби жынаятшылықтың ерте алдын алыўда оның динамикасын прогноз етиў әҳмийетли шәртлерден есапланады. Соны есапқа алған ҳалда тийисли жуўапкер адамларға ишки ислер уйымларының басқарыў, системалы таллаў, прогноз ҳәм қадағалаў бағдарларындағы жумысын түп-тийкарынан жетилистириў бойынша илажларды ислеп шығыў ўазыйпасы тапсырылды.

Мәжилисте көрип шығылған мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилип, анық мақсетли илажлар белгилеп алынды.

 

ӨзА