Муҳаммед әл-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялар университетинде кадрлар таярлаў системасын түп тийкарынан жетилистириў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққындағы Ҳүкиметлик қарар қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

Қарар тийкарында, Ташкент информациялық технологиялары университети ҳәм оның филиалларында 2018-2019-оқыў жылынан баслап информациялық технологиялар ҳәм коммуникациялары тараўында кадрлар таярлаў бойынша оқытыўдың кредит системасы енгизилди.

Университет ҳәм оның филиаллары қурамындағы академиялық лицейлердиң билимлендириў бағдарламалары заманагөй информациялық ҳәм педагогикалық технологиялардан кең пайдаланыў тийкарында математика, физика, шет тили ҳәм информациялық технологияларға байланыслы пәнлер тереңнен оқытылыўы нәзерде тутылған ҳалда ислеп шығылады.

Сондай-ақ, университетте фундаментал илимлер ҳәм инженерлик-техника илимлери тараўлары бойынша докторлық диссертациялары қорғаўларын өткериўге арналған илимий кеңеслер ашылады.

Еслетип өтемиз, кредит системасында студенттиң белгили бир оқыў курсын өзлестириў дәрежеси ҳәр қыйлы критериялар тийкарында белгиленетуғын белгили бир муғдардағы кредитлер суммасын жыйнаўына байланыслы болады.

Жыйналатуғын улыўмалық кредитлер студенттиң сабақлардағы белсене қатнасы, белгили оқыў курсы даўамында алынған тест нәтийжелери, илимий излениўлер, аўызеки ҳәм жазба имтиханлар, әмелият нәтийжелери тийкарында белгиленеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.