Бурын хабар етилгениндей, усы жыл 16-июль күни  пайтахтымызда биринши мәрте республикамыздағы министрликлер ҳәм мәкемелердиң хызметкерлери арасында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң кубоги ушын дәстүрий спорт жарыслары басланған еди.

Спорт жарыслары Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде өткерилмекте.

Онда қатнасыўшылар спорттың киши футбол, стол тенниси ҳәм волейбол түрлери бойынша өз-ара күш сынаспақта.

19-июль күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде волейбол бойынша финал ойыны болып өтти.  Оған  8 команда қатнасып, жеңимпазлар анықланды.

Жарыс жуўмағында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик  педагогикалық  институтының командасы биринши, Ташкент педиатрия медицина институты Нөкис филалының командасы екинши, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң командасы үшинши орынды ийеледи.

Теннис бойынша өткерилип атырған жарыслар бәршеде айрықша қызығыўшылық оятпақта. Министрликлерден, кәрхана ҳәм мәкемелерден жәми 16 команда, 4 топарға бөлинип  жеңимпазлақ ушын гүрес алып барды.

Қызықлы өткен жарыс жуўмағында Фарух Жуманиязов (Хожели районындағы 1-cанлы Мехрийбанлық үйи) биринши, Ҳамза Адамбаев (Ғазнашылық басқармасы) екинши, Бахыт Тлеўов (Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик  педагогикалық  институты) үшинши орынды ийеледи.

Ҳаял-қызлар арасында Гузел Оразмухаммедова (Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги) биринши, Ақымбетова Гүлнара (Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги) екинши, Дилбар Қабулова (Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы) үшинши орынды ийеледи.

Мини футбол бойынша спорт жарыслары даўам етпекте.

22-июль күни пайтахтымыздағы республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң кубоги жарысының жеңимпазлары анықланады.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.