Жақында пайтахтымыздағы «Истиқлол» балалар дем алыў орайындағы Балалар китапханасында Қарақалпақстан Республикасы Жазыўшылар аўқамы тәрепинен шөлкемлестирилген белгили жазыўшы Алпысбай Султановтың «Елим деген ер еди…» атамасындағы романын таныстырыў кешеси өткерилди.

Ҳәр бир халықтың, мәмлекеттиң атын дүньяға танытқан мәрт азаматлары болады. Китапта қарақалпақ халқының әдиўли перзентлериниң бири Аллаяр Қораз улы Досназаровтың машақатлы өмир жолы, қыйын тәғдири, ел-халқына ислеген пидәкерлик мийнетлери ҳаққында сөз етиледи.

Китап  «Билим» баспасында 1000 нусқада басылып шыққан.  Ол бабамыздың басып өткен мәртлик жолы туўралы мағлыўматлар­ менен байытылған.

Китапқа тарийх илимлериниң докторы, академик Сабыр Камалов, Қарақалпақстан халық жазыўшысы Муратбай Нызановлар пикир билдирген.

Китапты таныстырыў кешеси Қараөзек районында да өткерилди ҳәм А.Досназаров естелигине гүл қойылды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы