Бүгин – 18-июль күни Қарақалпақстан Республикасының арқа-батыс тәрепинен ескен күшли самал қумлы дүбелей көтерилиўине себепши болды.
Социаллық тармақ пайдаланыўшыларының хабар бериўинше, республиканың арқа районлары Қараөзек, Шымбай ҳәм Кегейли, сондай-ақ, Қоңырат районларында саат 12:30 лар шамасында күшли самал есиўиниң ақыбетинде ҳәмме жерди қумлы дүбелей қаплаған.

 

 

Қумлы дүбелей пайтахтымыз Нөкис қаласына 13:10 лар шамасында кирип келди.
Бул ҳаққында ҳаўа райын бақлаў орайы ҳеш қандай ескертиў бермеген.

 

 

Быйылғы жылы жаўын-шашын муғдарының оғада аз болғанлығы себепли Қарақалпақстан аймағындағы қумлардың жийи-жийи ҳаўаға көтерилип атырғанына гүўа болып атырмыз.

 

 

Еслетип өтемиз, буннан алдынғы қумлы дүбелей май айының ақырларында ҳаўаға көтерилген ҳәм оның қурамында Арал ултанының дузлары бар екенлиги анықланған еди. Бүгинги қумлы дүбелейдиң қурамында дуз бар ямаса жоқ екенлиги бойынша рәсмий мағлыўмат берилиўин күтемиз.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Автордың түсирген сүўретлери.