Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма жети жыллық байрамы алдында Нөкис қаласында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик байрақлары орнатылады.

Ҳәзирги ўақытта республикамыз бойлап ең уллы, ең әзиз байрамымыз есапланған елимиз ғәрезсизлигине бағышланып  «Әзиз ҳәм жалғызымсаң, жанажан Өзбекстаным!» сүрени астында кең көлемли таярлық илажлары алып барымақта. Пайтахтымыздың ең пайызлы орынларының бири, яғный Әжинияз шайыр естелиги жанында бой тиклейтуғын 55 метр бийикликтеги, өлшеми 9х6 метрге тең болған Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик байрақлары халқымыз ушын әжайып байрам саўғасы болып табылады.

Бүгинги күни бул байрақлар Ташкент қаласында исленип атыр. Қурылыс жумысларын пайтахтымыздағы «Үй-жай қурылысы» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қурылысшылары алып барып, ғәрезсизлик байрамы алдында пайдаланыўға тапсырыўды режелестирилмекте.

Өткен дүйшемби күни мәмлекетлик байрақлар қурылатуғын орынға ирге тасын қойыў салтанаты болды. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, жәмийетлик шөлкемлердиң, оқыў орынларының, ҳуқық қорғаў уйымларының, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты. Онда мәмлекетлик байрақлардың турмысымыздағы тутқан орнына, оның әҳмийетине тоқтап өтти. Ҳәмийше байрақларымыздың бәлентте желбирей бериўин тиледи.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўрети.