19 жаслы Диярбек Жураев бир ўақыттың өзинде 12 сырт елдиң жоқары оқыў орнына оқыўға кирди. Соннан 9 ы АҚШ ҳәм 3 еўи Россия Федерациясындағы жоқары оқыў орны есапланады. Бул ҳаққында блогер Хушнудбек Худойбердиев өзиниң телеграм каналында хабарлады, деп жазады Karinform.uz сайтында журналист Сахибжамал Есемуратова.

Сондай-ақ, хабарда Диярбектиң оқыўға кирген АҚШтағы жоқары оқыў орынларының дизими келтирилген:

  1. Minnesota state university, Mankato – USA, Mankato, MN
  2. Jacksonville University – USA, Jacksonville, FL
  3. Slippery Rock University – USA, Slippery Rock, PA
  4. Stetson University – USA, Deland, FL
  5. Temple University – USA, Philadelphia, PA
  6. University of Arizona – USA, Tucson, AZ
  7. University of Bridgeport – USA, Bridgeport, CT
  8. Concordia College – USA, Moorhead, MN
  9. Florida Institute of Technology – USA, Melbourne, FL

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.