2018-жыл  7-июль күни азанғы саат 10.07 де Тақыятас районлық Өрт қәўипсизлиги бөлими  7-әскерийлестирилген өрт қәўипсизлиги бөлимине райондағы Сейтмуратов көшеси бойында жайласқан 4 қабатлы 3-санлы шаңарақлық жатақхананың үшинши қабатында өрт жүз бергени ҳаққында хабар келип түседи.  Шақырыў бойынша өрт қәўипсизлиги хызметкерлери ўақыя орнына жетип келеди.

Өрт 1964-жылы туўылған пуқара С.Юсуповтың үйинде жүз берип, үйиниң 12 метр квадрат майданы жанған. Өрт өшириў ўақтында усы шаңарақтың 1988-жылы туўылған баласы Юсупов Азамат күйиў, дене жарақаты менен өли ҳалда табылған. Көп қабатлы жайдың қоңсылас бөлмелеринде 3- ҳәм 4-қабатларда  жасайтуғын 19 адам үш тирсекли жылжымалы  зәңги жәрдеминде түтиннен эвакуация етилди.

Ҳәзирги ўақытта өрттиң келип шығыў себеби үйренилмекте. Дәслепки мағлыўматларға қарағанда, пуқара Сапарбай Юсупов 2-топар майыплығы болған баласы 1988-жылы туўылған Азамат Юсуповты қараўсыз қалдырып кетиўи ақыбетинде  электр сымларында қысқа тутасыў зыяны анықланбақта.

– Бизлер түтинниң себебинен подъезд тәрепке шыға алмай қалдық, дем алыў мүмкин емес, соншелли ҳаўлықтық, қорықтық, қыйналдық, – дейди  усы жайдың 3-қабатында жасайтуғын пуқара Муҳаббат Сапарова.  – Өз өмирлерин қәўипке қойып, үлкен машақатлар менен бизди қутқарғаны ушын өрт қәўипсизлиги хызметкерлерине шексиз миннетдармыз. Олардың жәрдемге оператив түрде жетип келип, хызмет ўазыйпаларын жоқары дәрежеде орынлағаны биз ушын умытылмас мәртлик үлгиси болып қалады.

М.ИГИЛИКОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы