Өзбекстан Республикасының жоқары оқыў орынларында 2018-2019-оқыў жылынан баслап сыртқы билимлендириў формасында бакалаврлар таярлаў бойынша қабыллаў квоталары тастыйықланды.

Бунда көрсетилиўинше, Қарақалпақстан Республикасында жайласқан 4 жоқары оқыў орнында бакалаврлар таярлайтуғын сыртқы бөлимлер ашылды.

 

Олар:

 

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети;

 

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты;

 

Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы;

 

Әл-Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме технологиялары университети Нөкис филиалы.

 

Бул жоқары оқыў орынларына қайсы бағдарлар бойынша неше студент қабылланатуғынлығы ҳаққында кейинги материалларымызда берип барамыз. Сайтымызды бақлап барың.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.