2018-2019-оқыў жылынан баслап жоқары оқыў орынларының магистратура басқышында төлемли контракт тийкарында оқыў ушын контракт муғдары ең кем мийнет ҳақыға салыстырып төмендегише көрсеткишке ийе болды.

 

Магистратура басқышы билимлендириў бағдарлары бойынша бир магистрантты бир жыллық оқытыў баҳасы (ең кем мийнет ҳақы муғдарында):

– Педагогика, соның ишинде кәсиплик тәлим;

– Гуманитар пәнлер;

– Математика, әмелий математика ҳәм информатика, тәбийғый пәнлер;

– Социология ҳәм психология;

– Инженерлик жумыс, өндирислик технологиялар;

– Аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығы, аўыл хожалығында менеджмент, аўыл хожалық техникасы, ветеринария, ирригация ҳәм мелиорация;

– Социаллық тәмийнат;

– Спорт хызмети;

– Қоршаған орталықты қорғаў, өмир қәўипсизлиги.

49 есе – 9 млн 30 мың 700 сум (алдын 7 млн 210 мың сум)

 

– Шығыс филологиясы, түркий тиллер филологиясы, роман-герман филологиясы, аўдарма теориясы ҳәм әмелияты, өзбек-инглис аўдарма теориясы ҳәм әмелияты;

– Журналистика ҳәм мәлимлеме;

– Компьютер технологиялары ҳәм информатика, байланыс ҳәм мәлимлемелестириў, телекоммуникациялық технологиялар;

– Архитектура ҳәм қурылыс;

– Хызмет көрсетиў тараўы;

– Транспорт.

51 есе – 9 млн 399 мың 300 сум (алдын 7 млн 950 мың сум)

 

– Көркем өнер;

– Архитектура, аўыллық аймақларды архитектуралық-жойбарлық жақтан шөлкемлестириў.

55 есе – 10 млн 136 мың 500 сум (алдын 8 млн 730 мың сум)

 

– Экономика;

– Мәлимлеме-коммуникациялық технологиялар тараўында экономика ҳәм менеджмент;

– Денсаўлықты сақлаў.

61 есе – 11 млн 242 мың 300 сум (алдын 9 млн 660 мың сум)

 

– Дүнья сиясаты;

– Жәҳән экономикасы ҳәм халықаралық экономикалық қатнасықлар;

– Ҳуқық.

66 есе – 12 млн 163 мың 800 сум (алдын 10 млн 830 мың сум).

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.