2018-2019-оқыў жылынан баслап жоқары оқыў орынларының бакалавиатура басқышында төлемли контракт тийкарында оқыў ушын контракт муғдары ең кем мийнет ҳақыға салыстырып төмендегише көрсеткишке ийе болды.

 

Бакалавиатура басқышы билимлендириў бағдарлары бойынша бир студентти бир жыллық оқытыў баҳасы (ең кем мийнет ҳақы муғдарында):

– Педагогика, соның ишинде кәсиплик тәлим;

– Гуманитар пәнлер;

– Математика, әмелий математика ҳәм информатика, тәбийғый пәнлер;

– Социология ҳәм психология;

– Инженерлик жумысы, өндирислик технологиялар;

– Аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығы, аўыл хожалығында менеджмент, аўыл хожалық техникасы, ветеринария, ирригация ҳәм мелиорация;

– Социаллық тәмийнат;

– Спорт хызмети;

– Қоршаған орталықты қорғаў, өмир қәўипсизлиги.

45 есе – 8 млн 293 мың 500 сум (алдын 6 млн 650 мың сум)

 

– Шығыс филологиясы, түркий тиллер филологиясы, роман-герман филологиясы, аўдарма теориясы ҳәм әмелияты, өзбек-инглис аўдарма теориясы ҳәм әмелияты;

– Журналистика ҳәм мәлимлеме;

– Компьютер технологиялары ҳәм информатика, байланыс ҳәм мәлимлемелестириў, телекоммуникациялық технологиялар;

– Архитектура ҳәм қурылыс;

– Хызмет көрсетиў тараўы;

– Транспорт.

46 есе – 8 млн 477 мың 800 сум (алдын 7 миллион 250 мың сум)

 

– Көркем өнер;

– Архитектура, аўыллық аймақларды архитектуралық-жойбарлық жақтан шөлкемлестириў.

50 есе – 9 млн 215 мың сумм (алдын 7 млн 900 мың сум)

 

– Экономика;

– Мәлимлеме-коммуникациялық технологиялар тараўында экономика ҳәм менеджмент;

– Денсаўлықты сақлаў.

55 есе – 10 млн 136 мың 500 сум (алдын 8 млн 800 мың сум)

 

– Дүнья сиясаты;

– Жәҳән экономикасы ҳәм халықаралық экономикалық қатнасықлар;

– Ҳуқық.

60 есе – 11 млн 58 мың сум (алдын 9 млн 850 мың сум)

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.