Сочи қаласындағы «Фишт» стадионында болып өткен Хорватия ҳәм Россия сайланды командалары футболшыларының ушырасыўы жәҳән чемпионаты ярым финалының соңғы қатнасыўшысын анықлап берди.

Ойын майдан ийелериниң избе-из ҳүжимлери менен басланды. Усындай ҳүжимлердиң биринде ойынның 31-минутында Черышев тәрепинен киргизилген әжайып гол россиялыларды есапта алдыға алып шықты. Ойынның 39-минутында Манджукич тәрепинен жеткерип берилген топты Крамарич басы менен дәрўазаға жоллап, есапты теңлестирди.

Екинши бөлимде есап өзгермеди. Белгиленген еки таймның 101 минутында Вида Акинфеевтин дәрўазасына екинши топты жоллады. Ойынның тамамланыўына санаўлы минутлар қалғанда Мариу Фернандес есапты теңлестирилди. Солай етип, қосымша ўақытта 2:2 есабында жуўмақланды.

Өткен ойында қарсыласлары үстинен пенальтилер сериясынан жеңиске ерискен еки команданың беллесиўинде әўмет хорватиялыларға күлип бақты. Олар 11 метрден топ тебиў бойынша 4:3 есабында жеңиске еристи.

Ойыннан кейин майдан ийелери командасының ҳүжимшиси Артём Дзюба көз жасларын жасыра алмады. Жәҳән чемпионаты ойынлары даўамында қоллап-қуўатлап турған бәрше жанкүйерлерге миннетдаршылық билдирди.

Солай етип, жәҳән чемпионатының ярым финалында Европаның Франция, Бельгия, Англия ҳәм Хорватия сайланды командалары ушырасатуғын болды.

Франция-Бельгия сайланды командаларының ушырасыўы 10-июль күни Санкт-Петербург қаласында болып өтсе,  Англия ҳәм Хорватия командалары 11-июль күни Мосвадағы «Лужники» стадионында майданға түседи.

1/8 финала
A02
30.06.2018
17:00
Франция
A01
30.06.2018
21:00
Уругвай
A05
01.07.2018
17:00
3:4
Россия
A06
01.07.2018
21:00
3:2
Хорватия
A03
02.07.2018
17:00
Бразилия
A04
02.07.2018
21:00
Бельгия
A07
03.07.2018
17:00
Швеция
A08
03.07.2018
21:00
3:4
Англия
1/4 финала
QF1
06.07.2018
17:00
Франция
QF2
06.07.2018
21:00
Бельгия
QF4
07.07.2018
17:00
Англия
QF3
07.07.2018
21:00
3:4
Хорватия
1/2 финала
SF1
10.07.2018
21:00
SF2
11.07.2018
21:00
За 3-е место
F3
14.07.2018
17:00
Loser Semi-final 1 — Loser Semi-final 2
Финал
F1
15.07.2018
18:00
Франция/Бельгия — Хорватия/Англия

Қарақалпақстан хабар агентлиги.