Эртасини ўйлаган мамлакат ёшларини эътиборсиз қолдирмайди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 4-июль күни жаслар менен мәнзилли ҳәм системалы ислесиў, оларға мүнәсип шараятлар жаратыў, бәнтлигин тәмийинлеў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы, Нызамшылық палатасының Спикери, сиясий партиялардың басшылары, Бас министр ҳәм оның орынбасарлары, Президенттиң Мәмлекетлик кеңесгөйлери, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери, министрликлер менен ведомстволардың басшылары қатнасты.

Атап өтилгенидей, ҳәр бир жас жәмийетте өз орнын табыўы ушын мүнәсип шараят жаратыў соңғы жылларда әмелге асырылып атырған  реформалардың әҳмийетли бағдарларынан бири болып табылады. Атап айтқанда, «Камолот» жаслар жәмийетлик ҳәрекети тийкарында Өзбекстан жаслар аўқамы шөлкемлестирилди. Жаслар менен ислесиўде жаңа система ҳәм қатнаслар әмелиятқа енгизилмекте. Елимизде 30-июнь Жаслар күни сыпатында биринши мәрте кеңнен белгиленди.

Бирақ жаслар менен ислесиўде елеге шекем кемшиликлер бар. Соның ишинде, үлкен мақсетлер менен дүзилген Жаслар аўқамы жаслар менен мәнзилли ҳәм системалы ислесиўге, олардың машқалаларын шешиўге жеткиликли итибар бермей атыр. Шөлкем өткерип атырған айырым илажлар дәбдебе, өзин-өзи «көз-көз» етиўге уқсап қалып атыр. Орынларда 4 сектор басшыларының көпшилиги еле жаслар мәселеси менен белсене шуғылланбай атыр. Ишки ислер уйымлары, мәҳәлле комитетлери, басқа да жәмийетлик шөлкемлер ҳәм билимлендириў мәкемелериниң бул бағдардағы жумыслары қанаатландырарсыз. Район ҳәм қала ҳәкимлериниң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық жумыслары бойынша орынбасарлары районлық ишки ислер бөлими баслығының жаслар мәселелери бойынша орынбасарлары жанкүйерлик көрсетип атыр, деп болмайды. Керисинше, бул жуўапкер лаўазымлар айырым жағдайларда вакант болып қалмақта.

Усының ақыбетинде жаслардың жынаятқа қол урыўының алды алынбай атыр. Усы жылдың өткен дәўиринде исленген 17,5 мың жынаяттың дерлик  31 проценти жаслардың есабына туўра келетуғыны буны дәлилейди. Елимиз бойынша жынаят ислеген 22 мың шахстың 11 мыңын жаслар қурап, бул көрсеткиш Әндижан, Бухара, Самарқанд, Ферғана ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласында, айрықша, жоқары болып қалмақта.

Қашқадәрья ўәлаятында жынаят ислеген жаслардың  70 процентин оқымайтуғын ҳәм ислемейтуғынлар қураған. Бул көрсеткиш Әндижан ўәлаятында 57, Сурхандәрья ўәлаятында 43, Жиззақ ўәлаятында 42 процентке тең.

Тилекке қарсы, тек ғана жәмлеспеген жаслар емес, ал колледж ҳәм мектеп оқыўшылары арасында да жынаятларды сезилерли дәрежеде азайтыў тәмийинленбей атыр. Усы жылдың өткен дәўиринде жәми 371 оқыўшы жынаят ислеген. Колледж оқыўшылары жынаятларының саны Сырдәрья, Жиззақ, Наманган ҳәм Самарқанд ўәлаятларында кескин көбейген. Мектеп оқыўшылары жынаяты тийкарынан Жиззақ, Наўайы, Бухара, Сырдәрья, Ферғана ўәлаятларына ҳәм Қарақалпақстан Республикасына туўра келеди.

Хорезм, Әндижан, Наманган, Қашқадәрья ҳәм Ташкент ўәлаятларында жас өспиримлер тәрепинен адам өлтириў жынаятлары жүз бергени оғада аянышлы.

Усы жылдың өткен дәўиринде Ташкент қаласында басқа ўәлаятлардан келип, қараўсыз ҳәм қадағалаўсыз жүрген 1 мың 700 ге шамалас жас өспирим анықланған, олардың 500и мектеп ҳәм 670и колледж оқыўшылары болып табылады.

Усы мүнәсибет пенен Жаслар аўқамы, Ишки ислер министрлиги, Бас прокуратура, Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги басшыларына жаслар менен ислесиўди шөлкемлестириў, қараўсызлықтың ҳәм қадағалаўсызлықтың алдын алыў, олардың арасында жынаятларды кескин қысқартыўға қаратылған анық усыныслар ислеп шығыў ўазыйпасы тапсырылды.

a9f7bbb6-92cf-beb2-ea35-d7441f63775d.jpg

Ҳәзирги ўақытта ишки ислер уйымларында профилактика есабында туратуғын жас өспиримлер ушын шөлкемлестирилип атырған «Тәрбия-спорт дем алыс орайлары»ның жумысын түп-тийкарынан қайта көрип шығыўға ҳәм нәтийжелилигин тәмийинлеўге қаратылған анық илажларды әмелге асырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Жаслар арасындағы машқалалардың, соның ишинде, жынаятшылықтың тамыры көпшилик жағдайларда жумыссызлыққа барып тақалады. Орынларда жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша үлкен машқалалар бар. 1 мың 700 ден аслам мийнет ярмаркасы өткерилгенине қарамастан, оларға қатнасып атырған жаслардың  тек 5 проценти ғана жумысқа орналастырылғаны, соңғы бир жылда 509 мың жас узақ мүддетке сырт еллерге шығып кеткени жумысқа жуўапкерсизлик пенен қараўдан дәрек береди.

Жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша пүткиллей жаңа система енгизиўимиз керек, деди мәмлекетимиз басшысы.

Ҳәзирги ўақытта жасларды бизнес пенен шуғылланыўға жедел тартыў ушын шараят жаратыў, оларды мийнет базарында талап жоқары болған қәнигелик ҳәм бизнес жүргизиў көнликпелерине оқытыў бойынша Ташкент ўәлаятының Қуйи Чирчиқ районы ҳәм Ташкент қаласының Чиланзар районында жаңа система сынақтан өткерилмекте. Бул ушын жуўапкер уйымлардың ўәкиллеринен ибарат жумысшы топар дүзилип, 14 жастан 30 жасқа шекемги жаслар ҳаққындағы толық мағлыўматларды өзинде сәўлелендирген район паспортлары ислеп шығылды.

Қуйи Чирчиқ районы мысалында алатуғын болсақ, бул жерде жаслардың есабатларында көрсетилгениндей 2,5 мыңы емес, ал 6,3 мыңнан асламы жумыссыз екени анықланған. Район жасларын қыйнап киятырған машқалалардың көпшилиги орнында шешилген. Социаллық-экономикалық жағдай ҳәм жаслардың социаллық белсендилигинен келип шыққан ҳалда, райондағы 37 мәҳәллениң 13и «аўыр», 18и «қанаатландырарсыз» ҳәм 6ы «қанаатландырарлы» топарларға ажыратылып, оларды басқышпа-басқыш «жақсы» категориясына өткериў бойынша мәнзилли жумыслар жолға қойылған. Соның ишинде, «Жаслар мийнет гүзарлары»н шөлкемлестириў ушын имарат ҳәм жер майданлары ажыратылды, бос жумыс орынлары ярмаркасы ҳәм басқа да илажлардың нәтийжесинде  1 мың 200 ден аслам жумыссыз жастың бәнтлиги тәмийинленди, исбилерменлик жумысы ушын жасларға 2,3 миллиард сум кредит ажыратылды.

Усы тәжирийбе тийкарында Жаслар күни алдынан «Жаслар – келешегимиз» Мәмлекетлик бағдарламасы тастыйықланды ҳәм оны барлық район ҳәм қалаларда әмелге асырыў басланды. Бағдарламаның орынланыўы ушын Жаслар аўқамының жанында «Жаслар – келешегимиз» қоры және оның районлық ҳәм қалалық филиаллары шөлкемлестирилди. Бул структураның қаржыларынан жаслардың бизнес жойбарлары ушын жыллық 7 процентлик ставка менен жеңилликли кредит бериледи. Бағдарламада ҳәр бир районда ажыратылатуғын кредит көлеми ҳәм оны алыўшылардың саны, кредит берилетуғын жумыс бағдарлары, усының нәтийжесинде жаратылыўы зәрүр болған жумыс орынларының муғдары анық белгилеп қойылған. Сондай-ақ, ҳәр бир фермерге бир бәнт болмаған жасты бириктириў нәзерде тутылған.

Мәмлекетимиз басшысы жетискенликлерге ерискен жас исбилерменлердиң арасынан 2 ҳәпте мүддетте Қордың районлық ҳәм қалалық филиалларының басшыларын тайынлаў, Инвестиция ҳәм Социаллық мәселелер комплекслериниң республикалық ҳәм аймақлық уйымлары және коммерциялық банклер хызметкерлериниң 30 процентин лаўазымы ҳәм мийнет ҳақыны сақлаған ҳалда, жаңа структураға, оның районлық ҳәм қалалық филиалларына бириктириў зәрүрлигин атап өтти.

Бағдарламаның орынланыўын нәтийжели муўапықластырып барыў ушын Бас министрге Жаслар исбилерменлигин раўажландырыў бойынша республикалық комиссияның ағзаларын ҳәр бир аймаққа жеке жуўапкер етип бириктириў және олардың басшылығында мәмлекетлик уйымлардың, жәмийетлик шөлкемлердиң басшы хызметкерлеринен ҳәм ўәлаят прокурорларынан ибарат қурамда жумысшы топарлар шөлкемлестириў ўазыйпасы тапсырылды.

Ҳәкимлер ҳәм сектор басшылары ҳәр ҳәптеде кеминде еки күн жәмлеспеген, ҳеш жерде ислемейтуғын жаслар менен ушырасып, олардың машқалаларын үйрениўи, бәринен бурын, бәнтлигин тәмийинлеў илажларын көриўи зәрүрлиги атап өтилди.

Мәжилисте жасларды руўхый жақтан жетик етип тәрбиялаў, оларды түрли ағымлар ҳәм жат идеялар тәсиринен сақлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Бул ушын жаслар менен руўхый-ағартыўшылық бағдардағы жумысларды еле де жанландырыў, оларды музей, театр ҳәм басқа да мәдений-руўхый орынларға, спорт жарысларына, илим, спорт ҳәм әмелий көркем өнер дөгереклерине жедел тартыў арқалы бос ўақытты мазмунлы өткериўин шөлкемлестириў зәрүр.

Перзент тәрбиясына ҳәм жүрис-турысынан сергек болмасақ, оларды илимге, өнерге үйретпесек, мийнетте шынықпаса, мүнәсип жумыс таўып бермесек, оларды зыянлы тәсирлерден қорғаў қыйын болады, деди Президентимиз.

Соннан келип шыққан ҳалда Жаслар аўқамы, Республикалық Руўхыйлық-ағартыўшылық орайы, Жаслардың машқалаларын үйрениў ҳәм перспективалы кадрларды таярлаў институтына жасларды руўхый жақтан жетик етип тәрбиялаў, оларда идеологиялық иммунитетти қәлиплестириў ҳәм жат идеялардың тәсирине түсип қалыўының алдын алыўға қаратылған тәсиршең, әмелий илажларды ислеп шығыў тапсырылды.

Мәжилисте бул әҳмийетли иске сенаторлар, Олий Мажлис ҳәм жергиликли Кеңеслердиң депутатларын белсене тартыўдың зәрүрлиги айрықша атап өтилди. Өйткени, халық ўәкиллери сыпатында депутатлар корпусы жаслардың келешеги ушын ҳәммеден де көбирек жан күйдириўи лазым. Олар орынларда сиясий партиялардың жаслар қанатларының жумысын түп-тийкарынан жетилистириў, әмелий ушырасыў ҳәм илажлар арқалы бул Бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеўге белсене қатнасыўы, аймақларда жумыс алып баратуғын жумысшы топарларға әмелий жәрдем көрсетиўи зәрүр.

Жас өспирим қызлар арасында ерте турмыс қурыў ҳәм туўыўшылық саны көбейгени менен байланыслы машқалалар да додаланды. Тилекке қарсы, ерте турмыс қурыў ҳәм ажырасыў машқаласы бойынша орынларда тек ғана ата-аналарды айыпкер етиў менен шеклениў жағдайлары бақланбақта. Тийкарында болар ис болғаннан кейин емес, ал унамсыз жағдайларды жүзеге келтирмеў ушын алдыннан мәнзилли ислесиў системасын енгизиў керек.

Усы мүнәсибет пенен Ҳаял-қызлар комитети, «Шаңарақ» илимий-әмелий изертлеў орайы, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў кеңеси, Денсаўлықты сақлаў, Халық билимлендириў министрликлерине бул бағдардағы жумысларды сын көзқарастан қайта көрип шығыў ҳәм тәсиршең илажларды белгилеў ўазыйпасы тапсырылды.

Видеоселекторда жуўапкер адамлар ҳәм орынлардағы басшылар жәмленгени себепли ҳәзирги ўақыттағы және бир әҳмийетли мәселе – ғаўаша тәрбиясына байланыслы илажларға да тоқтап өтилди.

Быйыл ҳаўа-райының қурғақ ҳәм салқын келиўи себепли ғаўашаның раўажланыўы 10-15 күнге, айырым жерлерде 20-25 күнге кешиккени атап өтилди. Ғаўаша тәрбиясындағы изде қалыўшылықты сапластырыў, кепилленген зүрәәт жаратыў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәжилисте 5-июльден 5-сентябрьге шекем «Зүрәәтке-зүрәәт қосыўдың ылғаллы еки айлығы» жәрияланды. Бул бағдарда әмелге асырылыўы зәрүр болған жумыслар белгилеп алынды.

ӨзА