Пайтахтымызда «Жылдың ең жақсы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң аспазы», «Жылдың ең үлгили асханасы» таңлаўларының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти.

Таңлаўдың  ашылыў салтанатында атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 9-сентябрьдеги «Мектепке шекемги билимлендириў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарының, сондай-ақ,  мектепке шекемги билимлендириў системасын реформалаў ҳәм раўажландырыў бойынша көрилип атырған илажлардың нәтийжелилигин талқылаўға бағышланып усы жыл 14-февраль күни болып өткен видеоселектор мәжилисинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде  республикамызда кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.

Мәжилисте мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў менен бир қатарда балаларды белгиленген нормалар тийкарында дурыс ҳәм сапалы аўқатландырыўды шөлкемлестириў бойынша ўазыйпалар белгиленди. Усы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги тәрепинен «Қарақалпақ улыўма аўқатланыў» кәрханалары бирлеспеси менен биргеликте «Жылдың ең жақсы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң аспазы», «Жылдың ең үлгили асханасы» таңлаўы шөлкемлестирилди. Илажды өткериўдеги мақсет, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериндеги ең үлгили асхананы, оларда мийнет етип атырған ең жақсы аспазды анықлаў, олардың алдыңғы ис-тәжирийбелерин кеңнен ен жайдырыў ҳәм хошаметлеў болып табылады.

Таңлаў жуўмағында Нөкис қаласындағы 50-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң аспазы Дилара Қоразбекова биринши, Әмиўдәрья районындағы 18-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң аспазы Гүлқумар Уразимбетова екинши, Қоңырат районындағы 20-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң аспазы Надира Худайбергенова үшинши орынларды ийелеген болса, «Жылдың ең үлгили асханасы» таңлаўында биринши орын Шымбай районындағы 26-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесине, екинши орын Қараөзек районындағы 2-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесине, үшинши орын Беруний районындағы 41-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесине берилди.

Жеңимпазлар ҳәм қатнасыўшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. Таңлаў жеңимпазлары елимиз көлеминде өткерилетуғын жуўмақлаўшы басқышға жоллама алды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.