«Жәмийетлик орынларда шылым ҳәм электрон сигареталарды шегиўди шеклеў ҳаққында»ғы нызам Президент тәрепинен тастыйықланды.

Нызамға муўапық, шылым ҳәм электрон сигареталарды бирнеше жәмийетлик орынларда шегиў қадаған етилди:

 

– кинотеатрларда, театрларда, цирклерде, концерт, көргизбе залларында ҳәм ғалабалық дем алыў ушын арналған басқа да жабық имаратларда;

 

– клубларда, дискотекаларда, компьютер залларында, Интернет дүнья жүзилик мәлимлеме тармағынан пайдаланыў бойынша хызметлер көрсетиў ушын үскенеленген бөлмелерде ямаса басқа да кеўилашар (бос ўақыт өткерилетуғын) орынлар ҳәм т.б.

 

Сондай-ақ, нызам тийкарында шылым ҳәм электрон сигареталар шегиўди реклама етиў де қадаған етилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.