Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Ғалабалық спортты үгит-нәсиятлаўды буннан былай да күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, елимиздеги ғалаба хабар қураллары хызметкерлери арасында «Жылдың ең белсенди спорт журналисти» таңлаўы шөлкемлестирилди.

Усы жыл 2-июль күни Ташкент қаласында таңлаўдың  республикалық басқышы өткерилип, онда жерлесимиз, «Қарақалпақстан спорты» газетасының арнаўлы хабаршысы Қуралбай Кеңесбаев табыслы қатнасып, 2-орынды ийеледи.

Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги ҳәм бир қатар шөлкемлер менен биргеликте шөлкемлестирилген бул таңлаўда 2017-жылдың 1-июнинен 2018-жылдың 1-июнине шекем баспасөзде газеталарда жәрияланған мақалалары менен барлық ўәлаятлардан спорт журналистлери ҳәм интернет блогерлери қатнасты.

Таңлаў жеңимпазлары диплом ҳәм ақшалай сыйлық пенен сыйлықланды.

– Спорт-саламатлық гиреўи. Сонлықтан халқымыз, әсиресе, жас әўлад арасында спорттың ғалабалығына ерисиў оны кеңнен үгит-нәсиятлаў баслы мақсетимиз болып есапланады. Бул жолда, әлбетте, устазларымыздың, белгили спорт журналистлериниң шеберлиги, тәжирийбеси биз жас журналистлерге қол-қанат болады.  Таңлаўға спорт илажлары, спортшылар ҳәм олардың тренерлери ҳаққындағы 70 тен аслам мақалаларым менен қатнастым, – дейди таңлаў жеңимпазы Қ. Кеңесбаев. Журналистикада фактлер үлкен әҳмийетке ийе. Спорт журналистикасының өзине тән айырмашылығы фактлердиң қаймағынан үнемли пайдалансаң ғана  мақала  тартымлы шығады, деп ойлайман.

Мағлыўмат орнында соны да айтып өтпекшимиз, мақаламыз қаҳарманы Қуралбай Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң магистратура бөлими журналистика қәнигелигиниң  магистранты.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы